Өзбекстан - АҚШ стратегиялық шериклик қатнасықларының жеделлесип атырған жағдайында Юта штаты менен саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары додаланды.
Өзбекстан ҳәм Юта штаты арасындағы жедел байланыслар ҳәм алмасыўлар қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Санластырыў, билимлендириў ҳәм социаллық қорғаў тараўларында қоспа жойбарлар басланды.
Инновациялар, таў-кән санааты, ҳаял-қызлар исбилерменлиги, инклюзив билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, суў тәмийнаты ҳәм санитариялық тараўларда жойбарларды әмелге асырыў ушын үлкен потенциал бар екенлиги атап өтилди.
Нәтийжеде аймақлараралық байланысларды раўажландырыў ушын Юта штаты губернаторы басшылығындағы делегацияның Өзбекстанға сапарын шөлкемлестириўге келисип алынды.








