Бүгинги мәжилисте атап өтилгениндей, быйыл Әндижанда қуўатлылығы 24 мегаватт, келеси жылы және 20 мегаватт болған жәми 763 киши ҳәм микро ГЭСлерди иске қосыў режелестирилген.
Қытай компанияларынан бири ўәлаятта микро ГЭСлер ушын керекли үскенелерди ислеп шығарыўды жолға қоймақшы. Атап өтилгениндей, қурылған ГЕСлерге 1 жыл даўамында бийпул сервис хызмети көрсетиледи.
Кеше Бабур қаласында кең көлемли қурылыс жумысларының әмелге асырылатуғыны жәрияланған еди. Көплеген инвесторлар қала қурылысында қатнасыўға қызығыўшылық билдирмекте.
Соның ишинде, қытайлы инвестор 250 миллион доллар инвестиция есабынан заманагөй комплекс қурмақшы. Жойбарға муўапық, 55 гектар аймақта бизнес орайы, мийманхана, саўда орайлары ҳәм 3 мың квартираға мөлшерленген турақ жай қурылады.
Ушырасыўда усы ҳәм басқа да жойбарлар ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге инвестицияларды көбейтиў, инвесторлар менен жақыннан ислеп, зәрүр шараятларды жаратыў бойынша көрсетпелер берди.
Соның менен Президенттиң Әндижан ўәлаятына сапары жуўмақланды, мәмлекетимиз басшысы Ташкентке қайтып келди.