Жақсы дәстүрге бола, сапар Имам Бухарий комплексин зыярат етиўден басланды. Уллы ҳәдистаныўшы бабамыздың мақбарасында Қуран сүрелери оқылып, пәтия етилди.

Ҳәммемизге белгили, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен бул муқаддес дәргай Имам Бухарийдиң ислам дүньясындағы жоқары мәртебесине ҳәм үлкен руўхый мийрасына сәйкес түрде қайта қурылды. Зыяратшылар ушын ҳәр тәреплеме қолайлы шараятлар жаратылған. Усы жылы Рамазан ҳайыты қарсаңында комплекс зыяратшылар ушын және ашылып, 60 мыңнан аслам ўатанласларымыз ҳәм сырт елли мийманлар усы мүбәрек орында ҳайыт намазын оқыды.

Кең көлемли дөретиўшилик жумысларының нәтийжесинде бурын күнине 12 мың зыяратшыға хызмет көрсеткен Имам Бухарий комплексинде ҳәзирги күнде 65 мыңға шекем зыяратшыларды қабыллаў имканияты жаратылды.

Есап-санақларға бола, комплекс ашылғанынан соң бир ай ишинде оған 1 миллионнан аслам жерлеслеримиз ҳәм сырт ел пуқаралары келген.

Президентимиз комплекске келиўшилер ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў, диний мәресимлерди өткериў, уллы муҳаддис бабамыздың мийрасы менен жақыннан танысыў ушын барлық имканиятларды кеңейтиў бойынша көрсетпелер берди.

Сондай-ақ, комплекске автотранспортларда келиўшилер ушын автомобиль турыў орынларын кеңейтиў, зыяратшылар ушын сейил етиў орынларын және де абаданластырыў, олардың дем алыўы ушын тәбийғый ҳәм қолайлы орталық жаратыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Бул бағдардағы жумысларды турақлы таллап барыў, ҳәр алты айда бир мәрте зыяратшыларға жаратылған шараятларды үйренип, қосымша илажларды белгилеў зәрүр екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, комплекске елимиз бойлап имам-хатиблерди шақырып, олардың маманлығын арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы зыярат етиў мәдениятын арттырыў, муқаддес орынларды ҳәм қойымшылықларды абаданластырыў, оларды зыярат етиў ушын мүнәсип шараятлар жаратыў бойынша системалы жумыслардың әҳмийетли екенлигин атап өтти. Өткенлердиң естелигине ҳүрмет руўхындағы қатнасты беккемлеў әҳмийетли руўхый-тәрбиялық әҳмийетке ийе екени, жас әўладтың өзлигин, миллий қәдириятларымыздың даўамлылығын аңлаўына хызмет ететуғыны атап өтилди.