Илажда елимиздиң барлық аймақларынан исбилерменлер, соның ишинде,
районлардағы студиялардан 25 мыңға шамалас бизнес ўәкиллери қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы елимиздиң экономикалық потенциалын беккемлеўге
мүнәсип үлес қосып атырған 1 миллион 200 мың халықтан ибарат бизнес жәмийетшилигин
Исбилерменлер күни менен қутлықлады.
Исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиў өткериў дәстүри жолға қойылған
бес жылда бизнес раўажланыўына тосқынлық етип келген мыңлаған мәселелер
шешилди. Оның ушын 84 нызам, 861 пәрман ҳәм қарар қабыл етилди.
- Неге? Исбилерменлеримизге қолайлы шараят жаратыў, жаңа жумыс орынларын
көбейтиў, адамлардың алысқа кетпей, өз мәҳәллесиниң өзинде мүнәсип дәрамат
алыўы ушын! - деди Президент.
Өткен дәўирде
бизнес ушын ажыратылған кредит портфели дерлик 3 есеге көбейип, 450 триллион
сумға жеткен. Кәрханалардың тийкарғы капиталға инвестиция киргизиўи де 3 есеге
артты.
Санаат өнимлерин
ислеп шығарыў көлеми 100 миллион доллардан асқан районлар саны 66 дан 116 ға,
хызмет көрсетиў көлеми 1 триллион сумнан асқан районлар саны 41 ден 152 ге
көбейди. Өзиниң миллий брендин жаратқан, елимиз бойлап филиалларын ашқан
исбилерменлердиң қатары кеңейип бармақта.
Президентимиз
кейинги жыллары Хорезм ўәлаятында да исбилерменликти раўажландырыў ушын жаңа
имканиятлар жаратылғанын атап өтти. Қысқа ўақытта ўәлаятқа 4 миллиард доллар
сырт ел инвестициясы кирип келди, 10 мың жаңа қуўатлықлар иске қосылды. Бүгинги
күнде ўәлаят экономикасының 72 процентин киши бизнес қурап, оның экспорттағы
үлеси 81 процентке жеткен.
Дүньядағы қыйын
жағдайға қарамастан, усы жылдың биринши ярымында Өзбекстан экономикасы 8,5
процентке өсти. Халықаралық рейтинг агентликлери мәмлекетимиздиң суверен кредит
рейтингин арттырды.
Мәмлекетимиз
басшысы бул нәтийжелер, бәринен бурын, исбилерменлер менен тығыз биргеликте әмелге
асырылып атырған реформалардың нәтийжеси екенин атап өтти.
Сөйлесиўде
исбилерменлер тәрепинен көтерилген мәселелер тийкарында бес тийкарғы бағдар
бойынша жаңа басламалар алға қойылды.
Биринши бағдар -
исбилерменликтиң турақлы өсиў траекториясын тәмийинлеў.
Киши ҳәм орта
бизнести қаржыландырыў бойынша жаңа система жаратылады. "Бирден-бир санлы
кредит хызметлери порталы" арқалы исбилермен бир арза менен банклерден
усыныс алыўы, исбилерменлик жумысын баслаўшылар болса 5 миллиард сумға шекемги
кредитлерди онлайн рәсмийлестириўи мүмкин болады.
Бизнес
раўажланыўының ҳәр бир басқышына сәйкес келетуғын бир пүтин экосистема
жаратылады. Исбилерменликти баслағанлар ушын "Бизнес старт",
өндиристи жолға қойғанлар ушын "Бизнес лифт", өсиўдиң жаңа басқышына
өтип атырғанлар ушын "Бизнес раўажланыў" бағдарламалары енгизиледи.
"Бизнес
старт" бағдарламасы шеңберинде исбилерменлерге жасалма интеллект
жәрдеминде жойбар ҳәм кредит ҳүжжетлерин таярлаў, есабатларды жүргизиў
үйретиледи. 200 миллион сумға шекем таяр бизнес реже ҳәм гиреўсиз кредит бериў
системасы жолға қойылады.
- Биз
исбилерменге тек ғана кредит берип қоймай, оны биринши қәдеминен баслап, ири
бизнеске айланыўына шекемги жолда ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайтуғын комплексли
система жаратамыз,-деди мәмлекетимиз басшысы.
Киши бизнеске
гиреў менен байланыслы ўазыйпаларды жеңиллетиў мақсетинде "қарсы
кепиллик" системасы енгизиледи. Исбилермен 10 миллиард сумға шекем кредит
алыўда кредит муғдарының 25 процентин гиреўге қойыўы жетерли болады.
Екинши бағдар -
аймақларда бизнес ушын имканиятларды кеңейтиў.
Мәмлекетлик
активти сатып алыўда аванс төлеми 30 проценттен 15 процентке азайтылады. Оның
ярымын төлеген исбилермен қалған сумманы 7 жыл даўамында процентсиз бөлип-бөлип
төлеўи мүмкин болады.
Аукционға
шығарылатуғын жер участкалары қурылыс ушын барлық ҳүжжетлер менен "таяр
пакет" түринде жайластырылады.
Банклердиң
балансындағы улыўма баҳасы 9 триллион сум болған 2,5 мың көшпес мүлк объектлерин
басланғыш төлемсиз ҳәм процентсиз бөлип-бөлип төлеў шәрти менен жеңиллетилген
баҳада сатыўға рухсат бериледи.
"Наўайы",
"Жиззақ", "Наманган", "Ургут" ҳәм
"Хазарасп" арнаўлы экономикалық зоналары аймағының бир бөлегинде
"Бонд санаат зоналары" шөлкемлестириледи. Оларда өндиристи
локализациялаў, R&D, лаборатория ҳәм инженерлик хызметлери бир шынжырға
бирлестириледи.
Сондай-ақ, электр
ҳәм газ ушын 100 процент алдыннан төлеў талабы қайта көрип шығылады. АСКУЭ ҳәм
АСКУГ системаларына жалғанған ҳәм төлем тәртибине әмел ететуғын кәрханалар ушын
аванс муғдары 15 процент етип белгиленеди.
Үшинши бағдар -
"жасалма интеллект - басқарыў нәтийжелилиги - жаңа инвестициялар" экосистемасын
жаратыў.
- Бүгин қосымша
қунды көбейтип, жасалма интеллект жәрдеминде өнимдарлықты арттырып, өзине түсер
баҳаны азайтыў жолларын излеген исбилермен келешекте базарда үстинликке ийе
болады, - деди Президент.
"Жасалма
интеллект - 10 мың кәрхана ушын шерик" бағдарламасы иске қосылады.
Кәрханаларға жасалма интеллектти енгизиў қәрежетлериниң 50 проценти қаплап
бериледи, жаңа өнимлердиң моделин жаратыўда суперкомпьютерден бийпул пайдаланыў
имканияты жаратылады.
Бағдарламаның
биринши басқышына кеминде 100 миллион доллар ажыратылады.
Жергиликли
кәрханаларды капитал базарына алып шығыў ушын акселерация бағдарламасы жолға
қойылады, оның шеңберинде ҳәр жылы 50 ири кәрхана IPOға таярланады.
Ири инвестициялық
жойбарларда кадрлар таярлаў мәселелери бойынша шешимлер болыўы шәрт болады.
Үргенште енгизилген кәсипке таярлаў тәжирийбеси елимиздиң барлық аймақларына
енгизиледи. 1 миллион жасты заманагөй кәсип-өнерге оқытыў мақсет етилген.
Төртинши бағдар -
экспорт потенциалын арттырыў ҳәм миллий брендлеримизди сыртқы базарларға алып
шығыў.
Сыртқы базарларға
шығыўдың барлық басқышларында комплексли хызмет көрсететуғын "Экспорт
навигаторы" системасы жолға қойылады. Сырт ел базарларында талап жоқары
болған 100 товардың дизими қәлиплестирилип, олардың ҳәр бири бойынша анық
базар, тариф ҳәм логистика бойынша шешимлер ислеп шығылады.
2 мың кәрхананың
өндирис процеси сыртқы базар талапларына бейимлестириледи. Исбилерменлерге сырт
ел бренд-мейкерлерин тартыў, миллий брендлерди сыртқы базарларға алып шығыў,
маркетплейс ҳәм халықаралық тендерлерде қатнасыў қәрежетлериниң бир бөлеги
қаплап бериледи.
Экспортёрларды
қоллап-қуўатлаўдың бирден-бир системасына кеминде 1 миллиард доллар қаратылады.
- Бүгинги күнде дүньяда
базар ушын гүрес күн сайын күшеймекте. Бундай шараятта сырт ел базарына шыққан
исбилерменниң жалғыз қалыўына жол қойып болмайды, - деди мәмлекетимиз басшысы.
Тийкарғы ҳәм
перспективалы сыртқы базарларда "экспорт елшилери" жумысы жолға
қойылады. Экспорт операцияларынан түскен валюта түсимин өзлестириў мүддетлери
создырылады, айырым шеклеўлер бийкар етиледи.
Бесинши бағдар -
бизнеске ҳәкимшилик басымды кескин азайтыў.
- Экономиканы
"саядан" шығарыў тексериў менен емес, мәсләҳәт берип, исбилерменлерге
бизнести дурыс жүргизиўди үйретиў арқалы әмелге асырылыўы керек, - деди
Президент.
Киши бизнес
тараўында адамлардың денсаўлығына ҳәм басқа исбилерменлердиң мәплерине зыян
келтириў менен байланыслы болмаған ҳәр қандай тексериўлерге үш жыл мүддетке
мораторий жәрияланады.
Ықтыярый
профилактикалық аудиттен өткен орта ҳәм ири бизнес субъектлерине анықланған
нызамбузыўшылықлар сапластырылған жағдайда жәрийма қолланылмайды. Барлық
түрдеги жәриймалардың муғдары орташа 2 есеге азайтылады.
Келеси жылдан
исбилерменлер ҳәм мәмлекет арасындағы келиспеўшиликлерди көрип шығыўда
"исбилерменниң ҳақлығы презумпциясы" ҳәм "биринши бузғанлығы
ушын ескертиў" принциплери енгизиледи.
Исбилерменлик
тараўындағы мәмлекетлик хызметлердиң ярымы "үндемеў - келисим
белгиси" принципи тийкарында әмелге асырылады. 30 дан аслам жумыс түри
бойынша лицензия ҳәм руқсатнамалар бийкар етиледи, және 35 жумыс түри бойынша
оларды бериў мүддетлери қысқартылады.
Азық-аўқат
өнимлерин экспорт етиў ушын зәрүр болған бир неше руқсат бериўши ҳүжжетлердиң
орнына бирден-бир "Саламатлық сертификаты" енгизиледи.
Сөйлесиў
даўамында туризм тараўындағы исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў илажлары да
белгилеп алынды.
Мийманханаларды
қурыў, реконструкциялаў ҳәм үскенелеўге 50 миллион доллар қаратылады. Үш, төрт
ҳәм бес жулдызлы мийманханалар қурыў ушын субсидия бериў мүддети және еки
жылға, жер салығы ҳәм мүлк салығы бойынша жеңилликлер болса 2030-жылға шекем
создырылады.
Туроператорлардың
сырт елли туристлерге көрсететуғын хызметлери экспортқа теңлестириледи.
Сондай-ақ, туристлик автобуслар ҳәм электробусларды алып келиўде де жеңилликлер
создырылады.
Сөйлесиў
жуўмағында экономиканы жаңа басқышқа алып шығыў бойынша тийкарғы мақсетлер
белгилеп алынды.
- Биз 40
миллионлық халықпыз. Турмыс дәрежесин буннан былай да арттырыў ушын
экономикалық өсиўдиң жоқары пәтлерин сақлап қалыўымыз зәрүр, - деди мәмлекетимиз
басшысы.
Усы жылы жалпы
ишки өнимниң өсиўин 180 миллиард доллардан, экспорт көлемин болса 40 миллиард
доллардан арттырыў ўазыйпасы қойылды.
Ҳәр бир аймақтың
потенциалын есапқа алып, жаңа өсиў ноқатлары белгиленди. Ташкент қаласында экспортқа
қолайлы бизнес, Ферғана ойпатлығында санаатты толық өндирис шынжыры менен,
Самарқанд, Бухара ҳәм Хорезмде туризм, креатив индустрия ҳәм агросанаат
брендлерин раўажландырыў ўазыйпасы қойылды.
Наўайы ҳәм
Ташкент ўәлаятларында таў-кән, металлургия ҳәм илимге талап жоқары химия, Қашқадәрья
ҳәм Сурхандәрьяда агросанаат комплекси ҳәм нефть-газ химиясы, Қарақалпақстанда
"жасыл" энергетика, мәлимлеме технологиялары ҳәм жасалма интеллект,
Жиззақ ҳәм Сырдәрьяда автомобиль қурылысы, электротехника ҳәм қурылыс
материалларын ислеп шығарыў тармақлары тийкарғы өсиў ноқатлары етип белгиленди.
Ашықтан-ашық
сөйлесиўде Президентимиз исбилерменлердиң пикир-усынысларын тыңлады.
- Елимизде
заманагөй пикирлейтуғын, өз бизнесин кеңейтиў ушын жаңалықларға умтылатуғын
исбилерменлердиң жаңа әўлады қәлиплеспекте.
Ҳеш қашан алға
умтылыўдан тоқтамаң, өсиў, раўажланыў ҳәм жаңалықты енгизиўден тоқтамаң!
Сизлерди қоллап-қуўатлаўға таяр болған күшли мәмлекет, ҳуқық ҳәм мәплериңизди
қорғайтуғын нызам, баслама ҳәм мақсетлериңизди әмелге асырыўда бәрқулла
жаныңызда болатуғын Президент бәрқулла артыңызда! - деди мәмлекетимиз басшысы
ушырасыў жуўмағында.