Сапар Қаған районындағы Баҳаўаддин Нақшбанд мақбарасын зыярат етиўден басланды. Қуран оқылып, халқымызға тынышлық-аманлық тилеп пәтия етилди.

Хожа Муҳаммед Баҳаўатдин Нақшбанд XIV әсирде жасаған уллы теолог, "Нақшбандия" тариқатының тийкарын салыўшы. Оның мавзолейи әтирапында әсирлер даўамында қәлиплескен архитектуралық комплекс ҳәзирги күнде де ислам дүньясының теберик зыярат етиў орынларынан бири болып есапланады.

Ҳәр күни орташа 15 мыңға шамалас адам зыярат ететуғын Баҳаўаддин Нақшбанд архитектуралық комплекси "Жипек жолы: Зарафшан-Қарақум коридоры" объекти қурамында ЮНЕСКОның Дүнья мийрасы дизимине киргизилген.

Кейинги жыллары комплекстиң тарийхый көринисин сақлаў, зыяратшыларға қолайлықлар жаратыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Дәниялбий аталық медресеси ҳәм Тоқы Миёна дәрўазасы XV әсир сызылмалары тийкарында реставрацияланды, музей экспозициясы ҳәм илимий-изертлеў орайы шөлкемлестирилди.

Президентимиз Бухара әсирлер даўамында ағартыўшылық ислам дининиң раўажланыўында әҳмийетли орын ийелегенин атап өтти. Бул бай мәнаўий мийрасты терең үйренип, жаслар тәрбиясында нәтийжели пайдаланыў, оларды илим-мәрипатқа үйретиў зәрүрлигин атап өтти.

- Ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий ҳәм Имам Мотуридий атлары менен аталатуғын комплекслер – булардың барлығы бирден-бир мақсетке, уллы бабаларымыздың илимий мийрасын даўам еттириўге, жасларды усы руўхта тәрбиялаўға хызмет етеди, – деди мәмлекетимиз басшысы.