Бүгин күндиз жаўын-шашын болмайды, тек ғана Бухара, Наўайы ўәлаятларында ҳәм кешке шекем Ташкент, Самарқанд, Жиззақ, Сырдәрья, Қашқадәрья ўәлаятларында айырым жерлерде жаўын жаўады. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал 7-12 м/с. Ҳаўаның температурасы 8-13° жыллы, айырым жерлерде 15° жыллы, қублада 14-19° жыллы, арқада 0-5° жыллы.
Өзгидромет мағлыўматларына қарағанда, пайтахтта кеште жаўын жаўады. Самал 5-10 м/с. Температура 11-13° жыллы.
Таў алды ҳәм таўлы аймақларда жаўын-шашын (жаўын, қар) жаўып, думан түсиўи мүмкин. Ташкент ҳәм Наманган ўәлаятларының таўлы районларында қар көшиў қәўпи бар. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.