"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, пайтахтымызда кеште бираз жаўын жаўыўы мүмкин. Самал 3-8 м/с тезликте еседи.

Таўлы аймақларда ўақты-ўақты қар жаўады. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Ташкент, Наманган ўәлаятларының таўлы аймақларында қар көшиў қәўпи бар. Самалдың тезлиги 7-12 м/с.