Бүгин күндиз жаўын-шашын болмайды, тек ғана азанда Ташкент, Самарқанд, Жиззақ, Сырдәрья ўәлаятларында ҳәм Ферғана ойпатлығы ўәлаятларында, кеште Қашқадәрья, Сурхандәрья ўәлаятларында айырым жерлерде бираз жаўын-шашын (жаўын, қар) болыўы мүмкин. Жоллардың айырым жерлери музғалақ болады. Айырым жерлерге думан түскен. Самалдың тезлиги 7-12 м/с.
"Өзгидромет"тиң хабар бериўинше, пайтахтта жаўын-шашын болмайды. Жоллардың айырым жерлери музғалақ. Самал 3-8 м/с тезликте еседи.
Таўлы аймақларда ўақты-ўақты қар жаўады. Айырым жерлерге думан түскен. Қар көшиў қәўпи бар. Самалдың тезлиги 7-12 м/с. Ҳаўаның температурасы 3° суўық-2° жыллы.