Бүгин күндиз Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Бухара, Наўайы ўәлаятларында жаўын, арқада жаўын-шашын (жаўын, қар) болады. Самарқанд, Жиззақ, Қашқадәрья ўәлаятларында кешке шекем айырым жерлерде жаўын жаўады. Республиканың қалған аймақларында жаўын-шашын болмайды. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде 20-23 м/с қа шекем күшейиўи, шаң-тозаң менен жаўыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 18-23° жыллы, арқада 0-5° жыллы болады.
"Өзгидромет"тиң хабар бериўинше, пайтахтта жаўын-шашын болмайды. Самалдың тезлиги 3-8 м/с, кешке шекем 12-15 м/с қа шекем күшейиўи, шаң-тозаң болыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 20-22° жыллы.
Таў алды ҳәм таўлы аймақларда айырым жерлерде жаўын-шашын (жаўын, қар) жаўып, думан түсиўи мүмкин. Ташкент ҳәм Наманган ўәлаятларының таўлы аймақларында қар көшиўи қәўипли. Сел-суў өтиўи мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.