"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, пайтахтымызда ўақты-ўақты менен жаўын жаўады, кешке қарай қарға айланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы азанда 8-10° жыллы, күндиз 4-5° жыллыға шекем төменлейди.

Таў алды ҳәм таўлы аймақларда ўақты-ўақты жаўын-шашын (жаўын, қар), айырым жерлерде күшли жаўын-шашын болыўы мүмкин. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Қар көшиў қәўпи бар. Самалдың тезлиги 7-12 м/с.