Бул бағдарда елимизде үлкен потенциал бар. Мәмлекетимиз басшысы бул пәтти даўам еттирип, миллий брендлер астында жаңа өнимлер ислеп шығарыў, Өзбекстанды регионаллық "электротехника хабы"на айландырыў ўазыйпасын қойған.
Заминдеги завод буның бир бөлеги болады.
"Наўайы" арнаўлы санаат паркиниң филиалы сыпатында шөлкемлестирилген комплекс 80 гектарда жайласқан. Жойбардың улыўма баҳасы 150 миллион доллар. Бул жерде кир жуўыў машинасы, суўытқыш, телевизор, электр суў ысытқыш сыяқлы 1 миллион дана турмыслық техника ҳәм комплектлеўши бөлеклер ислеп шығарылады. 100 түрдеги өнимлердиң нәтийжесинде локализациялаў дәрежеси 70 процентке жетеди.
Әҳмийетлиси, жыллық өндирис көлеми 320 миллион доллар болады. Соннан 140 миллион долларлық өним экспортқа бағдарланады. 7 мыңнан аслам халық жумыс пенен тәмийинленеди.
Санаат паркинде таярланған өнимлер Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан сыяқлы 15 тен аслам мәмлекетке экспорт етиледи.
Ҳәзирги өзгериўшең базар талапларына тез бейимлесиў ушын заводтың өзинде қәлипхана да шөлкемлестириледи. Заманагөй логистика орайы арқалы өнимлер қарыйдарға избе-из жеткерип бериледи.
Буннан тысқары, санаат паркинде "Автосанаат" АЖ қурамындағы кәрханалар ушын пластмасса өнимлерин таярлаў режелестирилген.









