баннер
26 Mar 2025
00:09

    "Пушкин" станциясынан ТТЗға шекем метро жер үсти ҳәм жер асты болады - транспорт министри

    "Салар" темир жол бәндиргисинен ("Пушкин" метро бәндиргиси) ТТЗ массивине шекемги метро линиясы бираз жер үсти, бираз жер астынан өтеди.

    Бул ҳаққында Өзбекстан транспорт министри Илҳом Маҳкамов мәлим етти.

    20-март, пийшемби күни Президент Шавкат Мирзиёевқа жәмийетлик транспортты раўажландырыў, соның ишинде, метрополитен тармағын кеңейтиў жойбарлары таныстырылды.

    Илҳом Маҳкамов анықлық киргизгениндей, жойбар "Салар" бәндиргисинен Акушерлик ҳәм гинекология институтына шекем электропоезд жөнелиси бойлап (Шаҳриобод бәндирги арқалы "Экобозор"ға шекем) 5,5 км узынлықтағы жер үсти метросын қурыўды нәзерде тутады.

    Метро линиясы автомобиль жолын кесип өтетуғын төрт жерде туннель қурыў режелестирилген.

    "Пушкин" метро бәндиргисинен "Салар" темир жол бәндиргисине шекем траволатор арқалы жабық өтиў жолы болады. Соң жер үсти метросы электропоезд жөнелиси бойлап ҳәрекетленип, Акушерлик ҳәм гинекология институты тәрепке бурылған жеринде әсте-ақырын жер астына түседи. Бул биринши жер үсти метросы болады. Бүгин биз президенттен жойбарды толық ислеп шығыўды баслаў ҳаққында көрсетпе алдық. Халықаралық мәсләҳәтшилерди тартамыз. Жойбарластырыў процеси 1−1,5 ай даўам етеди", - деп мәлим етти министр.

    Кейин ала жер үсти линиясы "Ашхабад" бағы арқалы Киши айланба автомобиль жолы бойлап "Ташкент" метро бәндиргисине шекем (Арқа вокзал) қосымша 4 км ге узайтылыўы мүмкин.

    Транспорт министрлигиниң басшысы жойбар Ташкент қаласының бас режесин есапқа алған ҳалда ислеп шығылғанын атап өтти. Жөнелис жаңа турақ жай имаратлары ҳәм кварталларын қурыў менен реновация бағдарламасы режелестирилген аймақлардан өтеди.

    Улыўма узынлығы 10,8 км болған жаңа метро линиясында күнине 85 мың жолаўшы тасылыўы күтилмекте. Бир тәрепке барыў ўақты 17 минутты, поездлар арасындағы интервал болса шама менен 6 минутты қурайды.

    Есап-санақларға бола, бүгинги күнде Ташкентке Қибрай ҳәм ТТЗ тәрепинен 194 мыңға шамалас адам кирип келеди: 44 мыңы автобус, микроавтобус ҳәм Дамас, 47 мыңы жеңил автомобиллерде. Жаңа метро линиясы көшелердеги, сондай-ақ, "Уллы жипек жолы" метро бәндиргилериндеги жүклемени бираз азайтады.

    Транспорт министрлиги жанындағы Транспортты комплексли режелестириў жойбарлаў офиси басшысы Мурод Обидовтың мәлим етиўинше, Салар-ТТЗ метро линиясы ушын жөнелис траекториясының түрли вариантлары көрип шығылған.

    Мәмлекет басшысына усынылған концепция "Салар" темир жол станциясынан Акушерлик ҳәм гинекология илимий-изертлеў институтына шекем жер үсти-жер асты линиясын қурыўды нәзерде тутады, деп тастыйықлады ол.

    "Метрополитен темир жол бойлап өтеди. Кейин линияны жер астына өткериў нәзерде тутылады. Ол ТТЗ ақырғи автобус бәндиргисине шекем созылып, ол жерде транспорт алмасыў түйинин (ТАТ) пайда етеди. Ең соңғы станцияда темир жол траекториясының қыйсықлығы себепли темир жол станциясын қурыўдың имканияты болмағаны себепли, ТАТ электропоезд ушын станцияны жайластырыў мүмкин болған участкада қурылыўы нәзерде тутылған", - деп түсиндирди ол.

    Мурод Обидовтың атап өтиўинше, темир жол бир қатар қурамалы кесилиспелерден өткени себепли, концепция техникалық жақтан және де терең ислеп шығылыўды талап етеди. Оның айтыўынша, бүгинги күнде бул жерде бесеўден көп болмаған темир жол поездлары ҳәрекетленбекте, метрополитен поездларының ҳәрекетлениў аралығы болса үш минутқа шекем жетип барыўы мүмкин. Поездлардың ҳәрекетлениў жийилиги линия қурылысына сондай қатнас жасаўды талап етеди, метро автотранспорт ҳәрекетине кесент етпеўи керек.

    Жаңа метро линиясында күнлик жолаўшылар ағымы 80 мыңға шамалас адамды қураўы күтилмекте. Ҳәзирги ўақытта Ташкентке Қибрай ҳәм ТТЗ тәрепинен 200 мыңнан аслам адам кирип келмекте. Жаңа метро линиясы жоллардағы жүклемени бираз азайтады, сондай-ақ, "Уллы жипек жолы" метро бәндиргиси, әсиресе, кешки ўақытларда, әтирапында Шыршық, Ғазалкент ҳәм басқа да жөнелислерге транспорт күтип турған көплеген жолаўшылардың топланыўын да сапластырады. Жаңа ТАТ пайтахттың жәмийетлик транспорт жөнелислери тармағы менен байланысатуғын агломерация жолаўшылары ушын қолайлы түйин ўазыйпасын атқарады.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech