Бул системаның жақсы ислеўи, бәринен бурын, организмдеги дурыс балансқа байланыслы. Бирақ, айырым жағдайларда иммунитет төменлеп, дене кеселликлерге қарсы гүресе алмай қалады. Буның алдын алыў ушын болса бир неше қағыйдаларға әмел етиў мақсетке муўапық.

Дурыс аўқатланыў: бул қағыйда иммунитетти беккемлеўде әҳмийетли роль ойнайды. Әсиресе, С, D, E сыяқлы витаминлер, омега-3 май кислоталары ҳәм ҳәр қыйлы минерал ҳәм тоқымаларға бай азық-аўқатлар денениң гүрес қәбилетин арттырыў менен бирге, турақлы жумыс ислеўин тәмийинлейди.

Буның ушын аўқатланыў рационына чеснок, гешир, ләблеби, брокколи, шиповник, көк шөплер, асқабақ, алма, цитруслар, пал, теңиз балықлары, сүт өнимлери, майсыз гөш сыяқлы тәбийий мийўе-палыз ҳәм азықлық затларды киргизиў мақсетке муўапық.

Физикалық белсендилик: турақлы ҳәрекетте болыў ҳәм ҳәр күни азанда дене шынықтырыў иммунитетти күшейтеди. Әсиресе, бунда пияда жүриў, жуўырыў, велосипед айдаў ҳәм жүзиў сыяқлы спорт шынығыўлары жүдә пайдалы.

Таза суў ишиў: суў организм ушын жүдә әҳмийетли. Ол денеден токсинлерди шығарып, иммунитетти беккемлеўге жәрдем береди. Бул, өз гезегинде, усы системаға тиккелей пайдалы тәсир көрсетип, денени зәҳәрлениўден қорғайды.

Керисинше аз муғдарда суў ишиў клетка, тоқыма ҳәм органлар искерлигине унамсыз тәсир етип, иммун системасының ҳәлсиреўине алып келеди. Сол себепли қәнигелер адам бир суткада ҳәр бир килограмм салмағы ушын 40 миллилитр суў ишиўи керек екенлигин атап өтеди.

Жақсы уйқы: тынық уйқы иммунитет системасын беккемлеп, организмниң тиклениўине жәрдем береди. Уйқы ўақтында иммун клеткалары және де нәтийжели ислейди. Организмниң толық дем алыўы ушын үлкен жастағы адамлар ҳәр күни орташа 7-8 саат уйықлаўы керек.

Стресстен сақланыў: даўамлы тынышсызланыў иммунитеттиң төменлеўине себеп болады. Соның ушын руўхый турақлылықты сақлаў жүдә әҳмийетли.

Гигиенаға әмел етиў: қолларды тез-тез жуўыў ҳәм басқа санитариялық қағыйдаларды әмелге асырыў микроб ҳәм вируслардан қорғайды.

Сондай-ақ, кеселликлерге қарсы вакцина алыў, жаман әдетлерден ўаз кешиў де иммунитетти беккемлейди.