Сыйыр сүти - күшли аллергия қозғатыўшы өним есапланады. Қурамында f2, Bos d 4, Bos d 5, Bos d 6, Bos d 8, Bos d 9, Bos d 10, Bos d 11, Bos d 12 аллергенлери бар. Оларға 5-6 жасқа шекемги ул-қызларда аллергия бақланады.
- Балаларда бул түрдеги кеселликтиң раўажланыўына көп жағдайларда ананың ҳәмиледарлық ямаса емизиў дәўиринде надурыс аўқатланыўы себеп болады, - дейди Республикалық қәнигелестирилген аллергология ҳәм клиникалық иммунология илимий-әмелий медицина орайының директоры Илмира Разикова. - Қалаберди, нәресте жасалма араласпалар менен азықландырылса, шала туўылса ямаса асқазан-ишек, өт, баўыр кеселликлерине шалынса да, азық-аўқат аллергиясы жүзеге келиўи мүмкин.
Таўық мәйеги де кең тарқалған аллергенлер қатарына киреди. Ол овальбумин, овомуеоид, овотрансферрин ҳәм овомуцин белоклар топарларын өз ишине алади. Бул дәрилик затлар молекуляр дәрежеде үйренилгенде, Gal d1, Gal d2, овомукоид, Gal d3, Gal d4 аллергенлери реакцияларды жүзеге келтириўи белгили болды.
Балық күшли аллерген. Оның гөшинде парваальбумин ҳәм тропомиозин белок топарлары бар. Молекуляр дәрежедеги изертлеўлер оның қурамында Cyp c1, Gad c 1, Gad m 1 аллергенлери бар екенлигин тастыйықлады.
Бийдай ҳәм соя да гейде аллергиялық реакцияларды шақырады. Мәселен, соя қурамын молекуляр дәрежеде үйрениў нәтийжесинде оның қурамында Gly m 1, Gly m 5, Gly m 6 аллергенлери бар йекенлиги анықланды.
Гөш өнимлери арасында болса қус ҳәм ат гөши басқаларына қарағанда көбирек аллерген қәсийетке ийе.
Цитрус мийўелер, қулпынай ҳәм жер туты да көбирек аллергия қоздырады. Ғозаға аллергиясы болғанлардың көпшилиги болса бул мийўе тереги шаңына да тәсиршең болады.
Үлкенлерде аллергия раўажланыўына себеп болатуғын азық-аўқат өнимлеринен бириншиси - писте. Бул өним көп жағдайларда анафилактик реакцияны келтирип шығарады.
Оннан кейин ҳәр қыйлы ғозалар, гүнжи, пал, шабдал, жүзим, малина, гешир, шоколад, кофе ҳәм какао аллергия шығарыўшы өнимлер дизиминен орын алған.
Азық-аўқат аллергиясынан азап шегетуғын ямаса оған бейим болған адамлар шыпакерлер көригинен өтип, олардың усыныс ҳәм көрсетпелерине қатаң әмел етиўи керек.