Қараойлы балалардың әрманы әмелге асты

    Спорт 27 желтоқсан 2024 58

    Халықты басламалы бюджет процесине кеңнен тартыўды күшейтиў, бюджет қаржыларының бир бөлегин жәмийетшилик пикири тийкарында жумсаў бойынша әмелге асырылған ислерди турақлы даўам еттириў, сондай-ақ, өткен дәўир ишинде арттырылған тәжирийбени инабатқа алған ҳалда бул системаны және де жетилистириў мақсетинде, 2024-жыл 30-ноябрьдеги Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң «Басламалы бюджет» процесслерин өткериў ҳәм қаржыландырыў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, бул тийкарда көплеген унамлы ислер әмелге асырылды.

    Атап айтқанда, 2024-жылдың 1-мәўсиминде «Басламалы бюджет» жойбары тийкарында Тахтакөпир районындағы Қараой аўыл пуқаралар жыйыны турғынларының 10-санлы улыўма орта билим бериў мектеби жанынан заманагөй спорт майданшасын қурыў бойынша усынысы жоқары даўыс жыйнап, бул жойбар жеңимпаз болған еди.

    Өткен дәўир ишинде қолы гүл қурылысшылар тәрепинен бул жойбардағы қурылыс жумыслары толығы менен жуўмақланып, заманагөй көриниске ийе жабық түрдеги киши футбол майданшасы жаңа жыл алдында қурып питкерилди.

    Усы мүнәсибет пенен елатта салтанатлы илаж өткерилип, оған район басшылары, депутатлар ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.

    Мәресимде район ҳәкими Жамбул Адилов ҳәм басқалар аймақ халқын елимизге кирип киятырған Жаңа жыл байрамы ҳәм пайдаланыўға тапсырылып атырған спорт майданшасының ашылыўы менен қызғын қутлықлап, бундай жаратылған имканиятлар нәтийжесинде жаслармыз арасынан Азия ҳәм жәҳән чемпионлары өсип жетилисиўине тилеклеслик билдирди.

    Соңынан майданша алдына тартылған дәстүрий лента кесилип, илаж қатнасыўшылары футбол майданшасында балалар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

    Илаж районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

    Адилбай Оразов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.