Соның ишинде, өткерилип атырған жарыста Қарақалпақстан сайланды командасы ағзалары да табыслы қатнасып атыр.
Атап айтқанда, қызлар арасында -60 кг салмақта Рашида Тагирова, -66 кг да Айсәнем Сәрўарова, ерлер арасында -60 кг салмақта Мадияр Данияровлар финалға шекем барлық қарсыласларын жеңип шығыўға миясар болды.
Енди алтын медаль ушын гүресте Рашида Тагирова Ситора Турдибекова менен, Айсәнем Сәрўарова болса, Навбаҳор Ҳамидова менен беллесиўге шығады.
Ал, үмитли жас боксшимиз Мадияр Данияров болса, Шоҳруҳ Абдумаликов пенен
Өзбекстан чемпионлығы ушын гүреске түседи.
Спортшыларымызға әўмет яр болыўын тилеп қаламыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.