Чемпионаттың биринши турында Фарҳод Нишанов басшылығындағы Өзбекстан сайланды командасы Йемен сайланды командасы футболшыларына қарсы ойынға түседи.
Ушырасыў Ташкент ўақты менен саат 14:15те Шенчжендеги «Жаслар футбол базасы»нда басланады.
Соны айтып өтиўимиз керек, сайланды командамыз қурамында ҳәзирги ўақытта Ташкенттиң «Олимпик MobiUz» клубында ойнап атырған қарақалпақстанлы дәрўазаман Самандар Муратбаев ҳәм ярым қорғаўшы Муҳаммедали Реймовлар ойнайды.
Футболшыларымызға әўмет яр болыўын тилеп қаламыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.