Әҳмийетли тәрепи сонда, бул жарыста қарақалпақстанлы аралас жеке гүрес шебери Зульфия Курбашова да қатнасып, бразилиялы Керол Форо менен беллесиўге түседи.

Бул Зульфияның халықаралық аренадағы бесинши беллесиўи болып, буннан алдын жерлесимиз 3 беллесиўде жеңиске ерискен еди. Ал, 1 беллесиўде өз қарсыласынан жеңилиске ушырады.

17-январь күни өткерилетуғын беллесиўде қызымызға әўмет яр болыўын тилеп қаламыз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.