Аралбойы аймағына айрықша итибар қаратылмақта. Жаңа идея ҳәм басламалар алға қойылып, кең көлемли дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылмақта. Бул өзгерислер нәтийжесинде бүгин тек ғана район орайлары, қала ҳәм аўыллар, ҳәттеки ең шетки аўыллардың да келбети жаңаланып, жедел пәт пенен раўажланбақта.

Аралбойында экологиялық жағдайды жумсартыў, халықтың абаданлығын тәмийинлеў бағдарында қабыл етилип атырған айрықша пәрман ҳәм қарарлар ийгиликли жумысларға беккем тийкар жаратпақта. Мәселен, Президентимиздиң усы жыл 14-августтағы "Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажларды буннан былай да жеделлестириў ҳаққында"ғы қарарына бола, 2025-2026-жылларда Қарақалпақстанды турақлы социаллық-экономикалық раўажландырыў ушын арнаўлы бағдарлама тастыйықланды.

Оған муўапық, логистика хабларын шөлкемлестириў белгиленген. Сол себепли, аймақты Қазақстанның Қызылорда ўәлаяты менен байланыстыратуғын Қызылорда - Тахтакөпир автомобиль жолын қурыў бойынша ҳүкиметлераралық қоспа комиссия шеңберинде сөйлесиўлер өткерилди. Тап усындай мәселеде Түркменстан тәрепи менен де келисимлер өткериўге таярлық көрилмекте. Онда Қарақалпақстанды Түркменстанның Ташаўыз ўәлаяты менен байланыстыратуғын Хожели - Ташаўыз шегара постын ашыў мәселеси көриледи. Сөйлесиўлердиң нәтийжесине бола анық тийкарланған усыныслар ислеп шығылады.

Усындай ийгиликли жумыслар соңғы жыллары қарақалпақстанлылар турмысында үлкен бурылыс жасады. Соның ишинде, халықты көп жыллардан берли қыйнап киятырған бақша, мектеп, медицина мәкемелери, жол инфраструктурасы, суў ҳәм газ тәмийнаты, турмыслық хызмет бойынша машқалалар шешилди. Мәселен, 2016-жылы Қарақалпақстанда тек ғана 6 жоқары билимлендириў мәкемеси бар еди. Быйылғы жылға келип олардың саны 11 ге жетти. Жасларымыздың жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткиши 2016-жылдағы 9 проценттен 45 процентке өсти. Сондай-ақ, усы жылы жәми 340 оқыўшы дуал тәлим бойынша оқыўға қабыл етилди. Яғный, бул бағдарда билим алып атырған жигит-қызлар кәрхана ҳәм шөлкемлерде мийнет етиў менен бирге, теориялық билимлерин жумыста қолланып, әмелий көнликпелерди ийелеў имканияты жаратылды.

Президентимиздиң қарақалпақстанлы жасларға ғамхорлығы нәтийжесинде өткен 3 жылда 20 мың жигит-қыз қосымша квота тийкарында жоқары оқыў орынларына қабыл етилди. Бул олардың өмириндеги ең қуўанышлы күнлер болды. Студентлер заманагөй имаратларда билим алыўы ушын өткен жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 76 миллиард сумлық қурылыс жумыслары орынланды. Жаңа имарат пайдаланыўға тапсырылды. Усы жылы Нөкис мәмлекетлик техника университети шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, "Тест орайы" ушын баҳасы 18 миллиард сумлық жаңа имарат қурылды. Бул жерде бир ўақыттың өзинде 1200 абитуриент тест сынағын тапсырыў имканиятына ийе.

Бул қарарда халықты кәсип-өнерге үйретиў, жаслардың билим алыў имканиятын кеңейтиўге де айрықша итибар берилген. Енди ҳәр жылы улыўма орта билимлендириў мәкемелерин тамамлаған жаслардың сырт елде оқыўы тәмийинленеди. Сырт елде оқытыў квотасы талапқа қарап 50 орын болыўы мүмкин. Бул студентлер оқыўды тамамлағаннан соң, кеминде төрт жыл Қарақалпақстанда ислеп береди. Бул маман кадрларға болған талапты қаплаў, аймақты және де раўажландырыўда қол келеди.

Буннан тысқары, мәмлекетлик грант тийкарында жоқары билим алыўы ушын Қарақалпақстанда турақлы жасайтуғын жасларға 2025/2026-оқыў жылынан баслап келеси 3 оқыў жылы даўамында қосымша 500 мақсетли квота ажыратылатуғын болды. Сондай-ақ, республикамызда жумыс алып барып атырған мәмлекетлик емес ҳәм сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлери және филиалларында мәмлекетлик грант тийкарында оқытыў ушын ҳәр жылы қосымша 200 мақсетли квота ажыратылады. Мақсетли қабыллаў квоталары бойынша ЖООларды питкерген жаслар усы аймақта 3 жыл ислеп бериў миннетлемесин алады. Усы тийкарда қәнигелерге талап қанаатландырылып барылады.

Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде туризмниң раўажланыўына айрықша итибар берилмекте. Буның нәтийжеси де анық санларда көринбекте. Мәселен, 2024-жылы Қарақалпақстанға 200 мыңнан аслам сырт елли турист келген. Усы жылдың биринши ярымында бул көрсеткиш 189 мыңнан асты. Өз орнында туристлик хызметлер экспорты да соған сәйкес түрде өскен. Атап айтқанда, өткен жылы 30,8 миллион долларды қураған еди. Усы жылдың дәслепки алты айында дерлик усы көрсеткиш атап өтилип, 24,8 миллион долларлық туризм хызмети көрсетилген. Итибарлысы, тек ғана Мойнақ ҳәм Арал теңизине келиўши туристлердиң саны өткен жылы 70 мыңды қураған болса, усы жылдың алты айында 100 мыңға жетти.

Туризм тараўына қаратылып атырған итибар себепли соңғы бир ярым жылда аймақта 31 туристлик фирма ашылды. Өткен жылы аймақта биринши мәрте жулдыз категориялы мийманхана шөлкемлестирилди. Ҳәзир бес жулдызлы мийманхана қурылмақта. Елликқала районы "Шарқ юлдузи" АПЖ аймағындағы Ақшакөл ҳәм Тахтакөпир районы "Даўқара" АПЖ аймағындағы Қаратерен көли бойында туризм орынларын ашыў бойынша мастер режелер ислеп шығылмақта.

Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасы ушын айрықша қабыл еткен тарийхый әҳмийетке ийе қарары және бир қатар жаңалықларға себеп болмақта. Мәселен, аймақтың әййемги, таў ҳәм дәрья бойы аймақларында жаңа туристлик бағдарлар мәнзилли бағдарлама тийкарында жолға қойылатуғыны белгиленген. Бул бағдарлама менен Хожели районындағы "Миздакхан" археологиялық-архитектуралық комплекси, Қараөзек ҳәм Әмиўдәрья районлары аймағындағы "Шайх Жалил баба" зыярат етиў орны, Қараөзек ҳәм Әмиўдәрья районлары аймағындағы "Аму-Қаратаў" дем алыў комплекси зәрүр инфраструктура менен тәмийинленеди. Мине, усы жумыслар ушын 25 миллиард сум ажыратылатуғын болды.

Соның менен бирге, Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Үргенш мәмлекетлик университети ҳәм Илимлер академиясының тарийхшы илимпазлары, изертлеўшилери ҳәм тараў қәнигелеринен ибарат изертлеў топары дүзиледи. Бул топар жаңа туризм объектлерин ашыў ушын Қарақалпақстан ҳәм Хорезм ўәлаятындағы тарийхый объектлерди анықлаў ҳәм тиклеў менен шуғылланады. Изертлеў топарының жумысы илимий-методикалық жақтан муўапықластырылады. Оның нәтийжелилигин тәмийинлеў ушын болса 2025-жылы Илимди қаржыландырыў ҳәм инновацияларды қоллап-қуўатлаў қоры есабынан Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Үргенш мәмлекетлик университетине 5 миллиард сумнан ажыратылады.

Халқымызды разы етиў жолындағы дөретиўшилик жумыслар артқа қайтпас түс алған. Бул қарар ҳәм оның орынланыўына қаратылған ҳәрекетлер пикиримизди тастыйықлайды. Усындай тарийхый процессте әҳмийетли ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәр биримизден және де белсенди ҳәм интакер болыўды талап етеди.

Мурат АТАМУРАТОВ,

Қарақалпақстан Республикасы

Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы