Қашқадәрьяда 3,9 магнитудағы жер силкиниў жүз берди

    15 қаңтар 2025 267

    Усы жылдың 15-январь күни Қашқадәрья ўәлаятының Дийқанабад районында 3,9 магнитудағы жер силкиниў жүз берди.

    АЖМ Сейсмопрогностикалық мониторинг республикалық орайының хабар бериўинше, Өзбекстан Республикасы аймағында жер силкиниўи жергиликли ўақыт пенен Қашқадәрья ўәлаяты, Дийқанабад районында саат 12:32 де (15.01.2025-жыл, Гринвич бойынша 07:32) жүз берди.

    Жер силкиниў координаталары: 38,66 градус арқа кеңлик; 66,64 градус шығыс бойлық. Магнитуда М=3,9. Тереңлик 10 км.

    Жер силкиниў эписентри Ташкенттен 363 км қубла-батыста. Жер силкиниў күшлери Қамаши районында 2 балл бақланған.