Негизинде бул жумыс аңсат көрингени менен артында машақатлы мийнет, өзине тән тәжирийбе ҳәм билим турғаны анық. Жумыс билгенге бир теңге, тил билгенге мың теңге, дегениндей, қаҳарманымыз да дәслеп жумысты жақсы билип, кейин тил үйренгени бүгин оған үлкен пайда бермекте.

Элдар мектепти питкергеннен кейин, теңлеслери қатары төрт-бес сум ақша табыў жолында жумыс излеўге кириспеди. Керисинше, оқыўды даўам еттирип, билимлерин байытты. Ташкент қаласындағы жоқары оқыў орынларынан биринде экономика бағдары бойынша оқыды. Оқыў даўамында, бәринен бурын, инглис тилин пуқта өзлестириўге киристи. Жоқары курсқа өткеннен кейин, оқыўдан бос ўақытлары ислеп, дәрамат табыўға киристи. Инновациялық технологияларға қызығыўшылығы жоқары болғаны ушын, усы тараўда жумысқа орналасып, сабақтан кейин ислейтуғын болды. Түрли жойбарларды таярлаўда қатнасып, тәжирийбесин арттырып барды. Кейин ала университетти тамамлағаннан соң, пайтахттағы сырт ел кәрханалары менен биргеликте жумыс алып барып атырған шөлкемлердиң бирине жумысқа кирди. Жаңа жерде интернет арқалы хызмет көрсетип, сырт елден пул табыў мүмкин екенлигин үйренди. Тараўда тәжирийбе топлап, әдеўир дәраматлы да болды. Соннан кейин өзи туўылып өскен Қаршы қаласына қайтты.

Бул жерде өзи режелестиргениндей мәлимлеме технологиялары тараўы бойынша жаңа жойбар үстинде жумыс иследи. 2024-жылдың басында жуўапкершилиги шекленген жәмийетти ашты. Оның мақсети Қаршыда турып интернет арқалы АҚШта логистика хызметин көрсетиў еди. Алдынғы тәжирийбесине сүйенип, тәўекел бул бағдарға қол урғаны себепли дәслеп жумыс аңсат болмады. Дәслепки күнлери ҳәтте жалғыз өзи ислеўине туўра келди.

- Дәслеп усы жерде турып америкалылар менен ислесетуғыныма көпшилик исенбеген еди. Соның ушын, айырым жасларды жумысқа шақырғанымда келмеген еди. Бир айдан аслам ўақыт даўамында жалғыз өзим үйде отырып жумыс иследим. Кем-кемнен тармақты кеңейте баслағаннан кейин, жәрдемшилерге мүтәжлик сезе басладым. Шет тилин билетуғын, қәбилетли 2-3 жасты қабылладым. Соннан кейин бағдарымыз барған сайын кеңейип, хызметимиз көлеми артты. Жумысшылар да көбейди. Ҳәзир 40 жастың турақлы бәнтлигин тәмийинлеп, ҳәр бирине айлық мийнет ҳақы берип келмектемиз, - дейди Элдор Аҳмедов. - Биз бул жерде дизимнен өткен болсақ та, жумысымыз АҚШта. Тийкарынан логистика хызметлерин орынлаймыз. Соның ишинде, АҚШ компаниясы менен бирге ислесиў шәртнамамыз бар. Ол жердеги жүк машиналарына керекли көплеген системалы жумысларға жәрдем берип, орынлаған ўазыйпамызға қарап дәрамат аламыз.

Жас исбилермен ҳәзирги ўақытта 40 жигит-қызды жумыс пенен тәмийинлеўден тысқары, және 20 ға шамалас жаслардың үйде турып дәрамат табыўына шараят жаратқан. Хызметкерлери арасында мектеп оқыўшылары да бар. Мысал ушын, Муштарий Эшназарова мектептиң жоқары класында оқыйды. Ол үйинде компьютер арқалы буйыртпаны орынлап, айына 700 доллар айлық алады.

- Орынлайтуғын жумысымыздың қыйыншылығы жоқ. Тек ғана шет тилин жақсы билип, буйыртпаны өз ўақтында қабыллап, бағдарға қарап орынласақ болғаны. Ҳәзир үйде турып жақсы айлық алып атырман. Бул арққалы ата-анама пайдам тийип атыр. Буннан тысқары, қосымша оқыў, керекли әдебиятларды сатып алыўда қыйланбайман. Қолайлы тәрепи сонда, бул жумыс мектепте билим алыўыма кесент етпейди. АҚШ ўақты бизикинен әдеўир өзгеше болғаны ушын оларда тийкарғы жумыс процеси биздеги кешки ўақытқа туўра келеди, - дейди Муштарий. - Бурынлары үйде отырып ақша табыў мүмкинлиги ҳаққында еситсем исенбейтуғын едим. Әйтеўир гәп шығар деп ойлайтуғын едим. Бирақ буның да илажы бар екен. Өзим әмелде дәлийлин көрип атырман. Бул исте шет тилин билиўим әдеўир пайда берди.

Элдар менен ислеп, жоқары мийнет ҳақы алып атырған жаслардың және бири - Жавоҳир Тўхтаев. Оның ислеп атырғанына 6 айдан асып кетти. Ҳәзир айлық мийнет ҳақысы 1000 доллардан асады. Ҳәзирги ўақытта Қаршы қаласындағы жоқары билимлендириў мәкемелеринен бириниң студенти. Төлемли-шәртнама тийкарында оқып атырғаны оған машқала туўдырмайды. Тек ғана бир айлық мийнет ҳақысы менен контракт пулын төлеп, шаңарағына да үлкен жәрдем бермекте.

26 жаслы Элдор Аҳмедов бүгин ўәлаятта жетекши исбилерменлер қатарынан орын ийелеп үлгерди. Ол өткен жылдың ақырына шекем мәлимлеме тармағы арқалы хызметлер экспортының баҳасын 300 мың долларға жеткергени айтылмақта. Усы жылдың басынан усы күнге шекем айына 50 мың доллардан аслам хызмет көрсетпекте. Жыл ақырына шекем болса жәми экспорт баҳасын 600 мың доллардан арттырыўды мақсет еткен. Сондай-ақ, келешекте АҚШ тың өзинде де жаңа кәрхана ашып, тармағын кеңейтиў үстинде ислемекте. Бул болса қосымша жумыс орнын ашыўды талап етеди.

Жуўапкерлердиң айтыўынша, кейинги жыллары Қашқадәрьяда IT хызметлери тараўы басқышпа-басқыш раўажландырылмақта. Соның ишинде, өткен жылы компьютер программаластырыў, санластырыў, санлы билимлендириў, жергиликли ҳәм экспорт хызметлерин көрсетиў бойынша "Бир миллион программист" жойбары шеңберинде 47 мың 165 жигит-қыз оқыўға тартылған. 2024-жыл 1-январь жағдайына бола, IT парк резидентлери саны 31, хызметкерлери саны болса 163 ти қураған болса, өткен жылдың жуўмағында резидентлер саны 65, хызметкерлер саны 511 ге жеткен.

Сондай-ақ, өткен жылдың 1-январь жағдайына бола жергиликли хызметлердиң баҳасы 13,6 миллиард сумды, экспорт хызметлериниң баҳасы болса 510 мың долларды қураған. 2025-жыл 1-январь жағдайына бола, бул көрсеткиш сәйкес түрде 65,6 миллиард сум ҳәм 2,4 миллион доллар болған.

Усы бағдарда жумыс алып барып атырған исбилерменлерге имканият жаратыў мақсетинде өткен жылы Қаршы қаласы "Өзбектелеком" АК тармағына қараслы имараттың 4-қабатындағы пайдаланылмай турған 824 метр квадрат майданға жергиликли бюджет есабынан 5,5 миллиард сум инвестиция киргизилген. Нәтийжеде заманагөй типтеги Аралықтан хызметлер экспорт орайы шөлкемлестирилди. Онда IT парк резидентлери экспорт жумысы менен шуғылланыўы ушын 10 лот, 3 оқыў ханасы ҳәм 1 BPO (Business process optimisation) ханасы болып, орай үзликсиз интернет ҳәм электр энергиясы менен тәмийинленди.

Жуўапкерлердиң мағлыўматына бола, жаратылған шараятлар ҳәм жеңилликлер нәтийжесинде усы жылдың ақырына шекем ўәлаятта әйне хызметлер экспортының баҳасы 3 миллион доллардан артады.

Акбар РАҲМОНОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы