Аўыл хожалығы тараўында мәмлекетлик басқарыў буннан былай да жетилистириледи

    3 желтоқсан 2024 793

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Аўыл хожалығы тараўында мәмлекетлик басқарыўды буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарары (ПҚ-413-санлы, 02.12.2024-ж.) қабыл етилди.

    Қарарға бола:

    Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери структураларына - Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлериниң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары - Қарақалпақстан Республикасы аўыл хожалығы министри, ўәлаят аўыл хожалығы басқармасының баслығы лаўазымы;

    район (Қўвасай қаласы) ҳәкимликлери структураларына - ҳәкимниң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары - район (Қўвасай қаласы) аўыл хожалығы бөлиминиң баслығы лаўазымы киргизиледи.

    Олар азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы тараўларын модернизациялаў, диверсификациялаў ҳәм турақлы өсиўин қоллап-қуўатлаў ушын жеке инвестициялық капитал ағымын көбейтиў арқалы тараўда мәмлекеттиң қатнасын азайтыў ҳәм инвестициялық тартымлылықты арттырыў механизмлерин енгизиўге айрықша итибар қаратады.