Бул ҳаққында Аўыл хожалығы министрлиги хабар берди.
Атап өтилиўинше, соңғы жыллары гөш баҳасының артыўы глобал көлемде бақланбақта. БМШның Халықаралық азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкемине көре, буның бир неше факторлары бар:
Бириншиден, дүньяда гөш ислеп шығарыў көлеми төменлемекте;
Екиншиден, ири импорт етиўши мәмлекетлерде талап жоқары;
Буннан тысқары, азық-аўқат шийки заты ҳәм транспорт қәрежетлериниң артыўы да баҳаларға тәсир етпекте.
Мәселен, Россияда таўық гөши баҳасы усы жылдың басынан берли 9,7 процентке, Қазақстанда болса 4,7 процентке артқан. Улыўма алғанда, Өзбекстанда гөштиң баҳасы регионаллық тенденциялар шеңберинде сақланбақта ҳәм глобал базар тербелислерине турақлылықты көрсетпекте.
Қәнигелердиң пикиринше, ҳәзирги ўақытта Өзбекстандағы базарлардың арзанластырылған текшелеринде 1 кг мал ҳәм қой гөши орташа 65-75 мың, саўда текшелеринде 90-95 мың, саўда орайларында болса 95-100 мың сумнан сатылмақта.
Ташкент қаласындағы арзанластырылған сатыў орынларында 65-75 мың сумлық гөшти қарыйдарлардың 15-18 процентин, 90-95 мың сумлық хожалыққа жарамлы гөш 82-85 процентин, 110-130 мың сумлық сүйексиз гөш тек 1-2 процентин қурайды.
Және бир тәрепи, пайтахт базарларында гөшти халықтың сатып алыў қәбилетине сәйкес түрде бөлеклерге бөлип сатыў жолға қойылған. Соның ишинде, гөши ажыратылған сүйек (рагу) 25-30 мың сум, қабырғаға 85-95 мың сум, сүйексиз гөш (лаҳм) болса 110-130 мың сум әтирапында.
Россияда 1 кг мал гөши 10-12, Беларуста 6-8, Қазақстанда 7-11, Тәжикстанда 8-10, Грузияда 9,5-12, Әзербайжанда 9,5-12,5, Түркияда 12-14 доллар, сондай-ақ, экономикасы раўажланған мәмлекетлер Швецияда 46,2, Исландияда 38,86, Қубла Кореяда болса 28 доллар әтирапында сатылмақта.
"Буннан белгили болғанындай, Өзбекстан дүньяның гөш ең арзан сатылатуғын мәмлекетлери қатарында болып, Орайлық Азия мәмлекетлери ишинде Қырғызстаннан кейин екинши орынды ийелейди", делинеди министрликтиң хабарында.
Гөш ислеп шығарыўға тиккелей тәсир көрсетиўши факторлар да талланатуғын болса, 2025-жылдың биринши шерегинде гөш ислеп шығарыўға байланыслы қәрежетлер - от-жем, электр энергиясы ҳәм жанылғы-майлаў материалларының баҳалары кескин артқан.
Сондай-ақ, шарўашылықта гөш жетистириў ушын күшли азықлыққа болған талаптың жоқарылығы, азықлық жетистириў ушын жер майданларының жетиспеўшилиги себепли шарўа малларын азықлық пенен тәмийинлеў дәрежесиниң 35-40 процентин қурамақта.
2024-жылдың октябрь айындағы баҳалар менен салыстырғанда, бүгинги күнде шрот баҳасы 3 мың сумнан 7 мың сумға, шелуха 2800 сумнан 4 мың сумға, аралас жем 2900 сумнан 3700 сумға, бийдай 2200 мың сумнан 3500 мың сумға, мәкке силосы 500 сумнан 900-1000 сумға, сабан 15 мың сумнан 25 мың сумға, жоңышқа болса 25 мың сумнан 45 мың сумға артқан.
2024-жылы улыўма 2 миллион 900 мың тонна тири салмақта (1 миллион 700 мың тонна сойылған салмақта) гөш ислеп шығарылған. 93 мың тонна гөш импорт етилген. Ислеп шығарылған гөшке салыстырғанда импорттың үлеси 5,4 процентти қураған.
Импорт етилген гөштиң 70 проценти қайта ислеў кәрханаларына жиберилген болса, қалған бөлеги Ташкент қаласының дийқан базарларындағы арзанластырылған текшелерде сатылған.
Соңғы бес жылда шарўашылық тараўында алып барылған реформалар нәтийжесинде шарўашылық кәрханаларында маллардың саны еки есеге, ислеп шығарылып атырған шарўашылық өнимлериниң көлеми болса үш есеге артқан.
Нәсилшилик кәрханаларының саны 400 ден 1900 ге жеткерилген болса, нәсил жақсыланған қарамаллардың үлеси 30-35 проценттен 70-75 процентке көтерилген.
