Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов мүнәсибет билдирип, бул пүткиллей кеширилмейтуғын ҳәм кескин қаралаўға ылайық ҳәрекет екенин мәлим етти.
"Бул жағдайлар пүткиллей кеширилмейтуғын ҳәм кескин қаралаўға ылайық ҳәрекетлер болып, бундай нызамсыз урыныўлар пүткил жоқары билимлендириў системасына дақ түсиреди", деди министр.
Оның атап өтиўинше, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги коррупцияға қарсы маўасасыз гүрес тәрепдары болып, билимлендириў тараўында бундай жеркенишли жағдайларға пүткиллей төзбейди. Әсиресе, бундай жағдайлар мәмлекет басшысы тәрепинен тийкарғы бағдар сыпатында белгиленген ҳадаллық ҳәм әдиллик принциплерине қайшы болып, жәмийетте исенимсизликти жүзеге келтириў қәўпин пайда етеди.
"Ҳүрметли муғаллимлер ҳәм тараў ўәкиллери. Биз сизлерден билим ҳәм тәрбия бериў арқалы жәмийетке хызмет етиўди күтемиз, жынаят ислеўди емес. Ҳәр бир педагог бул муқаддес кәсип артында ел келешеги, инсан тәғдири турғанын терең сезиниўи керек", делинеди министрдиң мүнәсибетинде.
Ол жоқары билимлендириў системасындағы ҳәр бир басшы ҳәм хызметкер коррупцияға қарсы жеке жуўапкершилик пенен қатнас жасаўы, бул бағдарда тек ғана нызам шеңберинде жумыс алып барыўы шәрт екенлигин айтты. Абитуриентлерге болса ҳеш кимниң пара есабынан жоқары оқыў орнына киргизиўге ҳақысы жоқ екенлигин қатаң билдирди.
"Сиз тек ғана өз билимиңиз арқалы әдалатлы таңлаў тийкарында студент болыўыңыз мүмкин", деди Қоңыратбай Шарипов.
Оның атап өтиўинше, ҳуқықбузарлыққа қол урған шахслар нызам алдында жуўап береди ҳәм оларға сөзсиз жаза қолланылады.