баннер
27 Apr 2025
14:50

    Қарақалпақстан Республикасы судында ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында баспасөз әнжуманы болып өтти

    21 Fevral 2025 522

    Баспасөз әнжуманында Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы Камал Тарихов ҳәм басқалар әдил судлаўды әмелге асырыў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў мақсетинде 2024-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында толық мағлыўматлар берип өтти.

    Атап өтилгениндей, 2024-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судлары тәрепинен 2323 жынаят иси көрип шығылып, өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда ислер саны 366 ға ямаса 18,7 процентке көбейген.

    Көрип тамамланған жынаят ислери 70,9 процентти қураған. 2144 шахсқа жаза тайынлаў менен айыплаў ҳүкими, 22 шахсқа ақлаў ҳүкими, 138 шахсқа жаза тайынламай айыплаў ҳүкими шығарылған. 77 шахсқа тайынланған жаза шәртли есапланып, оларға сынақ мүддети белгиленген.

    Сондай-ақ, баспасөз әнжуманында Қарақалпақстан Республикасы судлары тарийхы китабы басып шығарылғанлығы атап өтилди.

    Қарақалпақстан судларының тарийхы ҳәм бүгинги күнинен дәрек бериўши, Қарақалпақстанда суд уйымларының қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўының тийкарғы басқышлары, бийғәрез суд ҳәкимиятының шөлкемлестирилиўи, сондай-ақ, суд тараўында хызмет еткен ҳәм ҳәзирги ўақытта өз жумысын алып барып атырған судья ҳәм хызметкерлер ҳаққында сөз етиўши "Қарақалпақстан Республикасы судлары: тарийх ҳәм бүгин" деп аталған бул китап ҳаққында мағлыўматлар жәмленген презентация ролиги көрсетилди.

    Баспасөз әнжуманы жуўмағында ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.

    Минажатдин Қутлымуратов,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech