Семинар мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердеги ҳаял-қызлардың тараўдағы жумысын қоллап-қуўатлаў, олардың жетекшилик компетенцияларын раўажландырыў, мәмлекетлик пуқаралық хызметиндеги реформалар менен хабардар етиў, бар машқалаларды жақыннан үйрениў мақсетинде шөлкемлестирилди.
Семинар алдында шығып сөйлегенлер соңғы жыллары Өзбекстанда мәмлекетлик басқарыўда ҳаял-қызлар ушын мүнәсип мийнет шараятларын жаратып бериў, оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде әҳмийетли қәдемлер қойылғанын атап өтти. Тараўдың нормативлик-ҳуқықый базасы жетилистирилгени мәлим етилди. Президентимиздиң узақты гөзлеген әдил сиясатының нәтийжесинде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда ҳаял-қызлардың үлеси артып, бул халықаралық көрсеткишлерде де өз көринисин таўып атырғаны атап өтилди.
Семинарда тәжирийбели ҳәм потенциаллы жуўапкер басшылар, тараў қәнигелери басшы ҳаял-қызларда жетекшилик, халықшыллық, креативлик көнликпелерин қәлиплестириў, мәмлекетлик хызметте инновациялық технологияларды қолланыўда ҳаял-қызлардың роли, мәмлекетлик хызметкерлердиң саламатлығы - мәмлекетлик хызмет нәтийжелилигиниң кепили, мәмлекетлик хызметте шаңарақ ҳәм карьера балансын тәмийинлеў стратегиялары ҳаққында өз пикир-усынысларын билдирди. Тараўда жыллар даўамында басып өтилген турмыслық тәжирийбелери менен бөлисти.
Семинар өз жумысын секторларда даўам еттирмекте. Онда қатнасыўшылар ушын "Мәмлекетлик хызметтеги ҳаял-қызлардың жеке нәтийжелилигин арттырыў имканиятлары", "Ҳаял-қызларға болған күш көрсетиў ҳәм агрессияның психологиялық тийкарлары", "Инсан ресурсларын басқарыўдың заманагөй усыллары", "Ҳаял-қызлардың мәмлекетлик хызметке бейимлесиўиниң социаллық өзгешеликлери", "Мәмлекетлик хызметтеги ҳаял-қызлардың жәмийетшилик пенен бирге ислесиўи: заманагөй технологиялар ҳәм трендлер", "Мәмлекетлик пуқаралық хызметтеги ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўдың ҳуқықый тийкарлары" темаларында тренинглер шөлкемлестирилди. Бөлимлер өз жумысын киши топарларда ислеў, кейс-стади ҳәм пикир-талас сыяқлы интерактив усылларда шөлкемлестирди. Семинар даўамында қатнасыўшылардың тараўға байланыслы усыныс ҳәм басламалары, бар машқалалары социаллық сораўнама арқалы үйренилди.
Бир сөз бенен айтқанда, бул семинар Қарақалпақстанда жумыс алып барып атырған мәмлекетлик хызметтеги ҳаял-қызлардың баслама ҳәм идеяларын қоллап-қуўатлаў, олардың жаңа билим ҳәм көнликпелер алыўы, өз-ара тәжирийбе алмасыў, тараўдағы жумысларын буннан былай да раўажландырыў ушын өзине тән корпус ўазыйпасын атқарды.











