Сурхандәрья ўәлаяты Экология басқармасы баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, ўақыя 2025-жыл 10-декабрь күни Узун районының "Бешкапа" мәҳәллеси аймағында жүз берген. Атап өтилиўинше, пуқара М.И.ның қойлары адырлы аймақта жайылып жүрген ўақытта қасқыр ҳүжимине ушыраған.

Пуқара жазған түсиник хатында шарўа малларына зыян жеткерилиўиниң алдын алыў ҳәм оларды сақлап қалыў мақсетинде қасқырды қуўдалағанын, бул ҳәрекетлер нәтийжесинде қасқыр өлип кеткенин мәлим еткен.

Жағдай бойынша дүзилген акт тийкарында, пуқараның ҳәрекетлери нәтийжесинде Өзбекстан Республикасының "Ҳайўанат дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында"ғы Нызамының 33-статьясы талапларының бузылғаны анықланған. Усы нызамның 53-статьясына муўапық, жуўапкершилик шаралары белгиленген.

Сондай-ақ, пуқара Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 90-статьясы 1-бөлими тийкарында БЕМның 20 есеси, яғный 8 миллион 240 мың сум муғдарында ҳәкимшилик жәриймаға тартылған.

Атап өтилиўинше, қасқыр, Өзбекстан нызамшылығына муўапық, қорғалатуғын жабайы ҳайўан түрлери қатарына киреди. Оған аяўсыз қатнаста болыў, қыйнаў ямаса нызамсыз ҳәрекетлерди әмелге асырыў әмелдеги нызам ҳүжжетлерине қайшы есапланады ҳәм белгиленген тәртипте жуўапкершиликке себеп болады.

Сурхандәрья ўәлаяты Экология ҳәм климат өзгериўи бас басқармасы халықты тәбиятқа, әсиресе, жабайы ҳайўанларға мийрим-шәпәәтли болыўға, экологиялық нызамшылық талапларына қатаң әмел етиўге ҳәм бундай жағдайлар бойынша жуўмақ шығарыўда тек ғана рәсмий дәреклерге сүйениўге шақырды.