Қазақстанның "Казахстанская правда" электрон басылымының жазыўынша, Ташкентте болып өткен "Балалар ушын қарым-қатнас: Орайлық Азия ҳәм ЮНИСЕФ" жоқары дәрежедеги конференциясы шеңберинде Қазақстан денсаўлықты сақлаў министри Акмарал Алназарова ҳәм Өзбекстан денсаўлықты сақлаў министрлери Асилбек Худоёров арасында сөйлесиўлер болып өтти.
Тәреплер денсаўлықты сақлаў тараўындағы бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын, соның ишинде, медициналық хызметлердиң сапасын арттырыў, медициналық жәрдем көрсетиўде тәжирийбе алмасыў, бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем бойынша мәмлекетлер коалициясы шеңберинде өз-ара бирге ислесиў, сондай-ақ, Аралбойы халқының саламатлығына тәсир етиўши экологиялық факторларды комплексли үйрениўге қаратылған биргеликтеги илимий жойбарларды додалады.
Сөйлесиў ўақтында балалардың саламатлығын қорғаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Қазақстан балалар раги бойынша Халықаралық академиялық орай шөлкемлестириўди усыныс етип, оны әмелге асырыўда белсене қатнасыўға таяр екенин билдирди.
Сондай-ақ, Миллий илимий онкология орайы негизинде Үлкенлер онкологиясы ҳәм онкогематологиясы бойынша халықаралық хаб, сондай-ақ, UMC жүрек орайы негизинде балалар кардиохирургиясы халықаралық хабын шөлкемлестириў, соның ишинде, қарақалпақстанлы балаларға жәрдем көрсетиў имканиятлары да усыныс етилди.
Тәреплер, сондай-ақ, денсаўлықты сақлаў тараўында Халықаралық хаб шөлкемлестириў усынысын қоллап-қуўатлады.