Қытайлы профессорлар менен нәтийжели сөйлесиўлер өткерилди

    21 желтоқсан 2024 15

    Соңғы жыллары елимизде сырт еллер менен бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда көплеген жумыслар әмелге асырылмақта. Әсиресе, жоқары оқыў орынлары тәрепинен алып барылып атырған ислер халқымыздың ертеңги күнге деген исенимин беккемлейди.

    Жақында Қытайдың Шандун таллаў ҳәм тест орайының проректоры Wei Liu басшылығындағы профессорлар хызмет сапары менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде болды.

    Мийманлар дәслеп университеттиң халықаралық бирге ислесиў бойынша проректоры Т.Нурымбетов, биология факультети деканы Я.Аметовлар менен сөйлесиўлер алып барды.

    Ушырасыў даўамында дәрилик өсимликлерди үйрениў бойынша заманагөй лабораторияларды ашыў мәселеси додаланды. Соның менен бирге, Қытайдағы профессор-оқытыўшылар менен илимий тәжирийбе алмасыў имканиятларын жолға қойыў ҳәм бул бағдарда бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери бойынша пикир алысылды. Сөйлесиўлер барысында, Қарақалпақстан жерлеринде өсетуғын сийрек ушырасатуғын ҳәм дәрилик өсимликлерди үйрениў ҳәм олардың фармацевтикалық имканиятларын кеңейтиў бойынша перспективалы режелер додаланды. Сондай-ақ, қытайлы профессорлар университеттеги химия-технология ҳәм биология факультетиндеги лабораториялардағы заманагөй үскенелер ҳәм илимий изертлеўлерди өткериў бойынша қолланылып атырған усыллар менен танысып, университеттиң илимий потенциалы жоқары екенин атап өтти.

    Соның менен бирге, бул лабораториялардан дәрилик өсимликлерди үйрениў бойынша алдағы ўақытлары биргеликтеги жойбарларда пайдаланыў мүмкин екенлигине тоқтап өтилди.

    Сапар шеңберинде университет ҳәм Шандун таллаў ҳәм тест орайы арасындағы келешектеги бирге ислесиў меморандумы дүзилди.

    Бул ушырасыў еки тәреплеме илимий-техникалық бирге ислесиўди раўажландырыў, халықаралық тәжирийбе алмасыўды кеңейтиў ҳәм жаңа инновациялық жойбарларды әмелге асырыў ушын үлкен әҳмийетке ийе болып табылады.

    Адилбай Оразов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates