Қурбан ҳайыты байрамы мүнәсибети менен ишки саяхатларға шегирмелер жәрияланды

    4 маусым 2025 848

    Қурбан ҳайыты байрамы мүнәсибети менен 2025-жыл 6-8-июнь күнлери халықтың дем алысын қызықлы шөлкемлестириў ҳәм ишки туризм бағдарында саяхатларға тартыў мақсетинде республика бойлап шегирмелер енгизилмекте.

    Атап өтилиўинше, республика бойлап аймақларда жумыс алып барып атырған жайластырыў қураллары тәрепинен өзлериниң хызметлери ушын 20 процентке шекем ықтыярлы шегирмелер енгизилди.

    Сондай-ақ, "Вақф" қайырқомлық жәмийетлик фонды қарамағындағы төлемли зыярат орынларына келиўшилер ушын бир қатар шегирмелер бериў нәзерде тутылған. Атап айтқанда, Қурбан ҳайыты байрамы күнлери майыплығы бар ҳәм жасы үлкен пуқаралар ҳәм жас балалар ушын зыярат етиў орынларына кириў бийпул етип белгиленген.