Бул нызам жойбары менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске қурылыс майданларында атмосфера ҳаўасын қорғаў талапларына әмел етпегени ушын жуўапкершиликти белгилейтуғын қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.

Додалаўлар даўамында нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаў процесинде жуўапкер комитет тәрепинен бир қатар мәжилислер, семинарлар өткерилгени, оларда депутатлар, сиясий партиялар фракциялары тәрепинен берилген усыныслар терең талланғаны ҳәм олардың көпшилиги жойбар текстинде сәўлелендирилип, ол жетилистирилгени атап өтилди.

Депутатлардың айтыўынша, бул нызам жойбарының қабыл етилиўи пуқаралардың өз турмысы ҳәм денсаўлығы ушын қолайлы болған атмосфера ҳаўасынан пайдаланыў ҳуқықларын тәмийинлеўге, тәртипсиз тасланып атырған шаң ҳәм қум бөлекшелериниң ҳаўаға көтерилиўин сапластырыўға хызмет етеди.

Мәжилисте нызам жойбары үшинши оқыўда қабыл етилди.