Атап өтилиўинше, бул субсидияны алыў ушын "Салық" мобил қосымшасы арқалы дизимнен өтиў керек.
Исбилерменлер тәрепинен қуяш, самал ҳәм биогаз электр станцияларында ислеп шығарылған ҳәр бир киловатт электр 720 сумнан сатып алынады. Бул бойынша шәртнама дүзиў ушын "Аймақлық электр тармақлары" АЖның районлық (қалалық) филиалларына мүрәжат етиў зәрүр.
Сондай-ақ, субсидияны "Салық" мобил қосымшасының "Кешбек ҳәм жеңилликлер" хызметиниң "Қуяшлы шаңарақ" бөлиминдеги "Картаға пул өткериў" айнасы арқалы банк картасына өткерип алыў мүмкин.