Мәмлекетимиз басшысы Түркменстанның турақлы бийтәреплиги жәрияланғанының 30 жыллығы, Халықаралық бийтәреплик күни ҳәм 2025-жылдың "Халықаралық тынышлық ҳәм исеним жылы" деп жәрияланыўына бағышланған халықаралық форумда қатнасты ҳәм шығып сөйледи.
Өзбекстан Президенти Түркмен халқының миллий жетекшиси, Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов ҳәм Президент Сердар Бердимуҳамедов пенен сөйлесиўлер өткерди.
Сапардың бағдарламасы шеңберинде делегациялардың басшылары Ашхабад қаласындағы Жаңаланған Бийтәреплик комплексинде де болды.
Илажлар жуўмағында Ашхабад халықаралық аэропортында Өзбекстан Республикасы Президентин Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары Хожимырат Гелдимырадов ҳәм басқа да рәсмий шахслар шығарып салды.
Мәмлекетимиз басшысы Ташкентке жөнеп кетти.