Сизлерди 8-январь - Өзбекстан Республикасы прокуратура уйымлары хызметкерлери күни менен қызғын қутлықлайман.
Соңғы жыллары мәмлекетимизде барлық тараў ҳәм тармақлар қатарында прокуратура уйымларының жумысында да үлкен өзгерислер әмелге асырылды. Система хызметкерлери халыққа жақын болып, инсан қәдири, оның ҳуқықлары менен еркинликлери, нызамлы мәплерин, нызам үстинлиги ҳәм әдилликти тиккелей орынларда тәмийинлей баслады.
Әсиресе, олар турақлы қабыллаўлар шөлкемлестирип, пуқаралардың машқалаларын шешиўде белсене қатнаспақта. Тек ғана өткен жылы дерлик 512 мың пуқараның бузылған ҳуқықлары тикленгени, 54 мыңға шамалас мүрәжат, соның ишинде, дерлик 29 мың исбилерменниң мәселеси шешип берилгени жумысыңыздың нәтийжесин анық көрсетип тур.
Қурылыс, жер ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, ҳаял-қызлар ҳәм жасларды күш көрсетиў ҳәм зорлықтан қорғаў, жанылғы-энергетика ҳәм экология бағдарларында, сондай-ақ, кәмбағаллықты қысқартыў бойынша жаңа механизмлер енгизилгени де унамлы нәтийже бермекте.
Бул ҳаққында сөз болғанда, жасырын экономиканы сапластырыў бойынша көрилген илажлар себепли мәмлекетлик бюджетке 22 триллион 300 миллиард сум қосымша түсим өндирилгени, қурылыс тараўында бюджеттен 3 триллион 900 миллиард сум артықша қәрежеттиң алдын алынып, бул қаржылар қосымша социаллық инфраструктура объектлерин қурыўға бағдарланғанын атап өтиў керек.
Криминоген жағдайды терең таллаў ҳәм системалы профилактика жумыслары тийкарында мәҳәллелерде жынаятшылықты сапластырыў, аўыр категориядағы мәҳәллелердиң санын дерлик 1,5 есеге азайтыўға ерисилди.
Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти тәрепинен өткен дәўирде 10 мыңнан аслам ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятқа шек қойылды, мәмлекет ҳәм жәмийет мәплерине жеткерилген 1 триллион 800 миллиард сум зыян өндирилди, 13 мыңнан аслам шахстың жумысы легалластырылып, олар исбилермен сыпатында дизимнен өткерилди.
Ҳуқықты қорғаў академиясында Санлы криминалистика илимий-изертлеў институты, сондай-ақ, кибержынаятларға қарсы гүресиў бойынша арнаўлы структураның шөлкемлестирилгени мәлимлеме-коммуникация технологиялары жәрдеминде әмелге асырылып атырған ҳүжимлерди анықлаў, бул тараўда маман кадрларды таярлаўға хызмет етпекте.
Ҳүрметли тараў хызметкерлери!
Прокуратура уйымлары жумысының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў, системаға илимий қатнас ҳәм жумыс усылларын избе-из енгизиў, билимли, интакер ҳәм жанкүер маман кадрлар таярлаў бойынша бүгин алдымызда әҳмийетли ўазыйпалар турғанын сизлер әлбетте, жақсы түсинесиз.
Соның ишинде, тергеў процесслерин санластырыў арқалы инсан ҳуқықларын қорғаўды күшейтиўде прокуратура уйымларын ҳәм қадағалаў уйымы, ҳәм тергеўшилерди таярлайтуғын система сыпатында буннан былай да раўажландырыў - бул заман талабы.
Елимизде коррупцияға қарсы гүресиў жаңа басқышқа көтерилип атырған ҳәзирги дәўирде прокуратура жумысында ашық-айдынлықты және де күшейтиў, сизлер хызмет етип атырған системада ҳәм басқа да тараўларда бул иллетке шек қойыўда ҳәр бир хызметкер үлги болыўы керек. Себеби елимиз прокуратура уйымларының хызметкерлери тымсалында нызам сақшылары ҳәм әдиллик қорғаўшыларын көреди.
Сизлер бундай мүнәсибетти қәдирлеп, халқымыздың исенимин ақлаў ушын буннан былай да шын кеўилден мийнет етесиз, деп исенемен.
Бәршеңизди кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қутлықлап, сизлерге беккем денсаўлық, оғада жуўапкершиликли жумысыңызда табыс ҳәм әўметлер, шаңарақларыңызға тынышлық ҳәм қут-берекет тилеймен.
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти