Радардан хат келди: қандай жағдайда жәрийманы бийкарлатып, жумсалған қәрежетлерди қайтарып алыў мүмкин?

    Көпшилик радардан келген жәриймаларға наразылық билдиреди. Бирақ не ислеў кереклигин, надурыс қолланылған жәрийманы қалай бийкарлаў мүмкинлигин билмейди.

    Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, тек ғана қарарды бийкарлаў емес, соның менен бирге суд процесинде жумсалған қәрежетлерди де қаплаў имканияты бар.

    Төменде надурыс қолланылған жәриймаларды суд арқалы бийкарлаў жолы ҳаққында мағлыўмат берип өтемиз.

    Надурыс қолланылған жәрийма ҳаққындағы қарарды бийкарлаўдың тийкарғы қәдемлери:

    1. Радарлар арқалы шығарылған жәрийманы нызамға қайшы деп есапласаңыз аймағыңыздағы жынаят ислери бойынша судқа арза менен мүрәжат етиўиңиз мүмкин. Мысал ушын, автомашинаңыз Наўайы қаласында дизимге алынған болса, Сиз Бухарада ма, Самарқандта ма, парқы жоқ қайсы аймақта радарға түскенлигиңизге қарамастан қарарды бийкарлаў бойынша жынаят ислери бойынша Наўайы қалалық судына арза менен мүрәжат етиўиңиз мүмкин. ҲЖҳКниң 315-статьясына тийкарланып бул жағдайда жәрийма қолланыў ҳаққындағы қарар үстинен шағым етсеңиз, мәмлекетлик бажы төлемейсиз.

    2. Суд тәрепинен жәрийма қолланыў ҳаққындағы қарар көрип шығылып, жәрийма қолланыў ушын тийкар сыпатында алынған ҳуқықбузарлықты тастыйықлаўшы дәлиллердиң жетерли екенлигине, жәрийма қолланыў ушын тийкарлардың бар екенлигине ҳәм де сизиң қағыйдабузарлық ислемегенлигиңизди тастыйықлаўшы дәлиллердиң бар екенлигине итибар қаратылады.

    3. Егер суд сизге қолланылған жәрийма жазасын надурыс қолланылған деп есапласа, усы қарарды бийкарлайды. Буннан тысқары сизде жумсалған ўақыт ҳәм қәрежетлерди надурыс жәрийма қолланған айыпкер шахслардан өндирип алыў ҳуқықы да пайда болады. Бул пуқаралық ислери бойынша судқа материаллық ҳәм руўхый зыянды өндириў ҳаққында даўа арзасы киргизиў арқалы әмелге асырылады.

    ӘҲМИЙЕТЛИ!: ҲЖҳКниң 332/1-статьясына бола, жәрийма салыў ҳаққындағы қарар қағыйдабузарға берилген күннен баслап он бес күн ишинде ол жәрийма муғдарының елиў процентин ямаса отыз күн ишинде жәрийма муғдарының жетпис процентин ықтыярлы түрде төлеген жағдайда, жәрийманың қалған бөлегин төлеўден азат етиледи. Жәрийма салыў ҳаққындағы қарар үстинен шағым етилгенде болса шахс усы шегирмеден айырылады.

    Судқа берилетуғын арзаға төмендеги ҳүжжетлер қосымша етиледи:

    • Жәрийма қолланыў ҳаққындағы қарарының нусқасы.
    • Айдаўшылық гүўалығының нусқасы.
    • Автотранспорт дизимге алыў гүўалығы.
    • Қағыйдабузарлық жүз бермегенлигин тастыйықлаўшы дәлиллер (видео, фото)

    Судқа арза бериўдиң абзаллықлары:

    Суд арқалы қарарды бийкарлаў, тек ғана жәрийма суммасын қайтарыў емес, ал өз ҳуқықыңызды қорғаўдың әҳмийетли қуралы болып есапланады. Нызамды дурыс түсинип, өз жумысыңызда қолланылатуғынын билиў ҳәр бир пуқараның ҳуқықы ҳәм жуўапкершилиги.

    Қандай жол менен нәтийжеге ерисиў мүмкин?

    Бул процессте табысқа ерисиў ушын нызамды жақсы билиў ҳәм судтың ең жаңаланған нормаларына толық әмел етиў керек. Қандай етип дурыс ҳүжжетлерди топлаў, не ушын арза бериў керек екенлигин түсиниў ҳәм бул процессте қалай қәте жибермеў керек екенлиги ҳаққында толық мағлыўматқа ийе болыў зәрүр.

    Қарарды бийкарлаў ямаса оның нәтийжесин алыў ушын керекли қәдемлерди қойыў!

    Ҳуқықыңызды қорғаў ушын усы жолдан пайдаланыўдан қашпаң. Жоқарыда атап өтилген ҳуқықый тийкарларға бола, судқа арза бериўде улыўма ҳеш қандай төлем төленбейди! Соның менен бирге, суд процесиниң нәтийжеси менен жумсалған қәрежетлериңизди қайтарып алыў имканияты бар.

    Нызамды билиң, ҳуқықларыңызды қорғаң!

    Зулхумор АКБАРОВА


    No date selected
    June 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates