Усы жылы 15-16-октябрь күнлери Ферғана қаласында болып өткен "Ферғана ойпатлығы: тынышлық ҳәм раўажланыў жолында тилеклеслик" темасындағы форум мине усындай әҳмийетли ўақыялардың қатарына киреди.

Бул әнжуман регионда, қалаберди, глобал көлемде де тынышлықты тәмийинлеў, жақсы қоңсышылық байланысларын даўам еттириў, турақлы раўажланыўды жеделлестириў ҳәм өз-ара исенимди беккемлеўге қойылған әҳмийетли қәдем болды. Илажда Орайлық Азия мәмлекетлери, ҒМДАға ағза мәмлекетлер, Европа ҳәм АҚШтан абырайлы делегатлар, халықаралық шөлкемлер, пуқаралық жәмийети ўәкиллери ҳәм жас белсендилер қатнасты.

Соның менен бирге, форум шеңберинде биринши мәрте Өзбекстан аймағында "Интимақ күни" атамасында илаж шөлкемлестирилди. Бул баслама Қырғызстанда 2023-жылы жолға қойылған болып, "интимак" атамасы қырғыз тилинде "бирлик" мәнисин аңлатады. Бул баслама регионда өз-ара исеним, қарым-қатнас ҳәм аўызбиршиликти беккемлеўге хызмет ететуғын әҳмийетли платформаға айланып бармақта.

Бул илажда пуқаралық жәмийети институтларының тынышлық ҳәм раўажланыў жолындағы әҳмийети, жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың социаллық турмыстағы белсендилиги, климат өзгериўи ҳәм суў қәўипсизлиги сыяқлы әҳмийетли мәселелерге тоқтап өтилди. Сондай-ақ, жеке меншик сектордың социаллық турақлылыққа қосып атырған үлеси, жергиликли басламалардың исеним орталығын қәлиплестириўдеги орны ҳаққында да пикир жүргизилди.

Форум шеңберинде додаланған мәселелер арасында климат өзгериўи, суў ресурсларының жетиспеўшилиги, шегаралас аймақларда бирге ислесиўди беккемлеў, қәўипсизлик ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды күшейтиў сыяқлы бағдарлар айрықша орын ийеледи.

Климат ҳәм тәбийғый ресурслар ушын бәсеки шараятындағы машқалалар тек ғана қәўип емес, ал регионаллық бирге ислесиў ҳәм исенимди тереңлестириў ушын имканият сыпатында көрилиўи керек. Өзбекстан ҳүкимети бул бағдарда Қырғызстан ҳәм Тәжикстан менен биргеликте суў қәўипсизлигин тәмийинлеў, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, экологиялық турақлылықты сақлаў ҳәм аўыл хожалығын модернизациялаў бағдарларында бир қатар жойбарларды әмелге асырмақта. Ферғана ойпатлығы мине усындай әмелий бирге ислесиўдиң үлгили лабораториясы болып хызмет етпекте.

Кейинги жыллары мәмлекетимиз шегаралары бойынша көп тәреплеме бирге ислесиў ҳәм стратегиялық шериклик байланысларын беккемлеў бағдарында әҳмийетли жумыслар исленбекте. Атап айтқанда, быйыл март айында Хоженд қаласында жоқары дәрежедеги илажлар шеңберинде Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан Президентлери үш мәмлекеттиң мәмлекетлик шегаралары тутасқан аймақта Дослық стеласын салтанатлы түрде ашты.

Бул естелик туўысқан мәмлекетлеримиз арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм исенимди және де беккемлеўге хызмет ететуғын рәмзий объект болып, үш мәмлекет арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм бирге ислесиўдиң жаңа басқышы сыпатында үлкен әҳмийетке ийе. Бундай биргеликтеги басламалар региондағы турақлылық ҳәм раўажланыўға салмақлы үлес қоспақта.

Соның менен бирге, ҳүкиметимиз пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм жеке меншик сектордың орнын толық тән алады. Пуқаралық басламалары ҳәм киши грантлар бағдарламалары жергиликли дәрежеде исенимди беккемлеў, халықтың абаданлығын арттырыў ҳәм шегаралас жәмәәтлер арасында қарым-қатнасты раўажландырыўда айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Жеке меншик сектор болса тек ғана экономикалық өсиў емес, ал тынышлық ҳәм социаллық турақлылықтың да драйверине айланбақта.

Форумның жуўмақлары бойынша қабыл етилген биргеликтеги билдириў регион мәмлекетлери арасында қарым-қатнас ҳәм исенимди беккемлеў, тынышлық ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў бойынша улыўма ҳәрекетлердиң белгиси сыпатында айрықша әҳмийетке ийе. Бул жуўмақлаўшы ҳүжжет пүткил Орайлық Азия көлеминде шегаралас бирге ислесиўдиң беккем тийкарға ийе екенин көрсетти.

Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан келеси форум сессияларын өз аймағында өткериў усынысын билдирди. Бул болса форумның бәрқулла ҳәм турақлы платформасы қәлиплесип атырғанынан дәрек береди.

Ферғана тынышлық форумы халықлар арасындағы дослықты беккемлеў, аўызбиршиликти үгит-нәсиятлаў ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеўге қаратылған улыўма ҳәрекетлер майданы болып есапланады. Тынышлық болса бәршемизге тийисли улыўма жуўапкершилик. Сонлықтан, тыныш ҳәм абадан Орайлық Азияны қурыў жолындағы ҳәр бир баслама, ҳәр бир сөйлесиў ҳәм бирге ислесиў келешекти қурыўға қойылған әҳмийетли қәдем болып есапланады.

Зулайҳа МАҲКАМОВА,

Бас министр орынбасары -

Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы