Бәсеки комитети реклама менен ислейтуғынларды ескертти

    30 сәуір 2025 871

    Бәсеки комитети рекламаларда баҳаларды сырт ел валюталарында көрсетиў мүмкин емеслигин еслетип, реклама менен ислейтуғынларды рәсмий түрде ескертти.

    Атап өтилиўинше, соңғы ўақытта Комитет тәрепинен өткерилип атырған мониторинглерде социаллық тармақлар арқалы жәрияланып атырған товарлар (жумыслар, хызметлер) рекламаларында баҳаларды сырт ел валюталарында көрсетиў кең тарқалып атырғаны бақланбақта.

    Бул жағдайлар бойынша Бәсеки комитети төмендегилерди мәлим етеди:

    Өзбекстан Республикасының "Реклама ҳаққында"ғы Нызамының 16-статьясына муўапық, рекламада баҳаларды (тарифлерди) сырт ел валютасында көрсетиў қадаған етиледи.

    Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының "Валютаны тәртипке салыў ҳаққында"ғы Нызамының 9-статьясына тийкарланып, Өзбекстан Республикасы аймағында товарлар (жумыслар, хызметлер) ушын барлық есап-санақлар ҳәм төлемлер Өзбекстан Республикасы валютасында әмелге асырылады.

    Өзбекстан Республикасы аймағында реализацияланатуғын товарлар (жумыслар, хызметлер) баҳаларының шет ел валюталарына ҳәм шәртли бирликлерге байланыстырылыўына жол қойылмайды.

    Нызамда тутыныўшыларға - физикалық ямаса юридикалық тәреплерге қаратылған реклама ушын айрықша жағдайлар белгиленбеген. Баҳалық көрсеткишлерди өз ишине алған ҳәр қандай реклама-информацияда баҳалар сўмда көрсетилиўи керек.

    Соның менен бирге, баҳаларды сумда көрсетиўге байланыслы талаплар ҳәр қандай ашық реклама-информацияға, соның ишинде, интернет тармағында еркин пайдаланыўы мүмкин болған ашық бетте жайластырылған информацияға да тиккелей тийисли.

    Жоқарыдағыларға бола, Бәсеки комитети реклама бериўши, таярлаўшы ҳәм реклама тарқатыўшыларды рәсмий түрде ескертеди!

    Реклама-мәлимлемеде товар (жумыс, хызмет) ҳаққындағы мағлыўматларды сырт ел валютасында көрсетиў реклама ҳаққындағы нызамшылық талапларының бузылыўына алып келеди ҳәм тийисли жуўапкершиликке себеп болады, - делинеди хабарда.