Сапар Санта-Фе қаласынан басланып, делегация қала ҳәкими Аллан Веббер менен ушырасты. Ушырасыўда, сондай-ақ, АҚШ Дос қалалар жәмийетиниң баслығы Кэрол Лопес, Санта-Фе туризм басқармасының баслығы Рэнди Рэндал, қала ҳәкимлигиниң ислер бойынша басқарыўшысы Андреа Филлипс ҳәм қала ҳәкимлигиниң хаткери Андреа Салазар қатнасты.
Тәреплер медициналық, гастрономиялық ҳәм жаслар туризми тараўларында бирге ислесиўди додалады. Бухараның туристлик потенциалы ҳаққындағы мағлыўматларды Нью-Мексико штаты ғалаба хабар қуралларында жәриялаў бойынша келисимге ерисилди.
Санта-Фе мэриясының басламасы менен әнжуман өткерилип, онда қала мэри Алан Веббер, Нью-Мексико штаты туризм департаменти басшылары ҳәм 20 ға шамалас туризм, өнерментшилик, медицина ҳәм транспорт тараўының ўәкиллери қатнасты.
Илаж шеңберинде "Санта-Фе" мэриясы ҳәм Бухара ўәлаяты ҳәкимлиги арасында туризм, өнерментшилик, мәденият ҳәм мәдений мийрасты сақлаў тараўларында өз-ара байланысларды беккемлеўге қаратылған "Бирге ислесиў ҳаққында"ғы келисимге қол қойылды.
Сондай-ақ, конференцияда Санта-Фе ҳәм Бухара қалалары арасындағы көп жыллық дослық байланысларын раўажландырыўға қосқан үлеси, Өзбекстанның туристлик ҳәм өнерментшилик потенциалын АҚШта үгит-нәсиятлаў, бирге ислесиўши шөлкемлерди мобилизациялаў бағдарындағы белсендилиги ушын бурынғы мэр Кэрол Лопес Роберцонға "Туризм пидайысы" көкирек белгиси тапсырылды.
Буннан тысқары, Бухара ўәлаяты делегациясы Өзбекстан Республикасының Вашингтондағы елшиханасы менен биргеликте АҚШ университетлери, туризм компаниялары ҳәм инвестиция шөлкемлериниң ўәкиллери менен бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар өткерди. Сөйлесиўлер ўақтында туризм, мәденият ҳәм инвестициялар тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары, соның ишинде, Жорж Вашингтон ҳәм Жорж Мейсон университетлери, The Javelin Group LLC, Skal International туризм компаниясы, Airtifae Group инвестициялық компаниясы ҳәм DC Events менен биргеликтеги жойбарлар додаланды.
Сапар етиў жуўмағында тәреплер Бухара ҳәм АҚШ арасындағы туристлер алмасыўын буннан былай да раўажландырыў ҳәм шериклик байланысларын беккемлеў әҳмиетли екенин атап өтти.











