Бул ушырасыў тек ғана сөйлесиў емес, ал Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы стратегиялық шерикликти және де тереңлестириў, кеңейтиў ҳәм әмелге асырыў жолындағы әҳмийетли қәдем болып есапланады.
Еки мәмлекет арасындағы экономикалық, социаллық, мәдений-гуманитарлық байланыслардың тамыры Уллы жипек жолы тарийхына барып тақалады.
Бул бирге ислесиў, әсиресе, кейинги жылларда жоқары дәрежеге көтерилди ҳәм экономика, саўда, инвестиция, тәжирийбе алмасыў сыяқлы тараўларда айқын көзге тасланбақта. Атап айтқанда, Наўайы ўәлаятына киргизилген инвестициялардың 79 проценти Қытай үлесине туўра келмекте. Буннан тысқары, ҳәзирги ўақытта Қытай жоқары оқыў орынларында 7 мыңнан аслам өзбекстанлы жаслар билим алмақта.
Қубла Фуцзянь ўәлаяты экономикасында Нанан үлкеси үлкен әҳмийетке ийе. Қаланың қурылыс материаллары, машина ҳәм үскенелер, тоқымашылық, электротехника, мебель санааты, турмыслық буйымлар ислеп шығарыў сыяқлы тийкарғы санаат тармақлары аймақлараралық саўда-экономикалық байланыслар ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди жолға қойыў ушын кең имканиятлар жаратады.
Ушырасыўда исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаўды күшейтиў, соның ишинде, көшпес мүлк сатып алыў, сырт ел инвесторларының Өзбекстанға келиўи ҳәм жасаўы шәртлерин сезилерли дәрежеде әпиўайыластырыў, салық ҳәм басқа да жеңилликлерди енгизиў бойынша мәлимлеме берилди.
Наўайы ўәлаятының экономикалық имканиятлары додаланды. Үлке республиканың ири санаат орайы болып, санаатының тийкарғы тармақлары таў-кән ҳәм металлургия, химия, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, тоқымашылық ҳәм тоқымашылық, машина қурылысы санаатлары болып есапланады.
Ушырасыўда тәреплер сөйлесиўлер өткериў, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ҳәм халықаралық байланысларды буннан былай да беккемлеўге келисип алды.
Дилфуза Ғуломова.








