Халқымыздың абадан ҳәм саламат жасаўы, мәмлекетимиздиң жәҳәнде өз абырай-мәртебесине ийе болыўы, адамлардың турмыстан разылығына ерисиў, заман талапларына сәйкес билимли, руўхый-мәдений жақтан жоқары әўладты тәрбиялаў, қулласы, инсанның туўылып камалға келиўи, жәмийетте өз орнын табыўы ушын шараятлар жаратыўға қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Бул процессте ең әҳмийетли өзгерислерден бири мәмлекет ҳәм халық бирлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылғаны, басқарыў уйымларының халыққа жақынласқаны, қысқаша айтқанда, Президентимиз алға қойған "Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек" деген оғада турмыслық принциптиң әмелге асқаны менен тәрийипленеди.

Буған аңсатлық пенен ерисилген жоқ. Өткен жыллар даўамында, қаншелли қыйын болмасын, мәмлекетлик басқарыў механизмлерин жаңалаў, халық пенен пикирлесиўдиң әпиўайы ҳәм нәтийжели усылларын турмысқа енгизиў, ең әҳмийетлиси, басшы хызметкерлер ҳәм мәмлекетлик хызметкерлердиң сана-сезими, көзқарасын өзгертиўге шешиўши фактор сыпатында айрықша итибар қаратылып келинбекте.

Президентимиз барлық буўындағы басшылардан бурынғыдай барлық шараятларға ийе заманагөй кабинетлерде отырыў емес, ал "төменге түсип", мәҳәллеме-мәҳәлле, үйме-үй жүрип ислеўди, өзине жүкленген тапсырма ҳәм ўазыйпаларды жоқары жуўапкершилик пенен, ҳүжданы менен орынлаўды талап етпекте.

Орынлардағы машқалаларды системалы шешиўге тийкар болатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбары халқымыздың додалаўына қойылып атырғаны, адамлардың пикири, мүнәсибети, усыныслары үйренилип атырғаны олардың орынланыўын тәмийинлеўди аңсатластырмақта.

Қайсы тараўда реформаға кирисилип, оған байланыслы ҳүжжетти пуқта таярлаўға айрықша итибар қаратылып атырған болса, орынланыўында табыс ҳәм нәтийжеге ерисилмекте. Әмелге асырылып атырған бундай жумыслар мәмлекетимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў жолындағы стратегиялық мақсетлерди әмелге асырыўдың қүдиретли қуралына айланбақта.

Жеке жуўапкершилик - шешиўши фактор

Нызамлар, Президентимиздиң пәрман ҳәм қарарлары, бийликлериниң орынланыўын тәмийинлеўде, әлбетте, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде орынлаў тәртиби қатаң жолға қойылған болыўы керек. Себеби, қанша ҳүжжет ямаса қарар зәрүр болса, оны ислеп шығыў, қабыл етиў мүмкин. Бирақ, мине, усы ҳүжжетлердиң турмыстағы орынланыўы тәмийинленбесе, реформалардың нәтийжелилиги көринбейди. Өмириндеги, әтирапындағы өзгерислерди ҳәр бир инсан сезиўи ушын да бул жүдә әҳмийетли.

Сонлықтан, мәмлекетимиз басшысы Президентлик жумысының дәслепки дәўиринен-ақ мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде хызметкерлердиң жеке жуўапкершилигин күшейтиў, атқарыў тәртибин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратпақта.

Мәмлекетимиз басшысы кеңейтилген тәртипте өткерилген бир неше селектор мәжилислеринде нызамшылық ҳүжжетлериниң орынланыўын нәтийжели жолға қойыў бойынша комплексли ўазыйпаларды анық белгилеп берди.

Президентимиздиң 2021-жыл 10-февральдағы "Нызамшылық ҳүжжетлериниң орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўде мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары басшыларының жеке жуўапкершилигин күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманы бул бағдарда әҳмийетли қолланба болды.

Пәрман менен қабыл етилип атырған нызамшылық ҳүжжетлериниң орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм мониторинг етиўдиң тәсиршең системасын жаратыў, мәмлекетлик басқарыў уйымлары басшылары және барлық дәрежедеги ҳәкимлердиң жеке жуўапкершилигин күшейтиўге қаратылған кең көлемли илажлар белгиленди.

Нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмаларды пуқта ислеп шығыў және қабыл етиўдиң тәсиршең әмелиятын қәлиплестириў, оларды анық орынлаўшылар, кең жәмийетшилик ҳәм халыққа жедел жеткериў, экономикалық ҳәм социаллық реформаларды тереңлестириў, ағымдағы, орта мүддетли ҳәм келешектеги ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырыў бойынша оператив илажлар көриў мақсетинде бирден-бир система енгизилетуғын болды.

Мәмлекетимиз басшысының 2021-жыл 31-майдағы “Ijro.gov.uz” орынлаў тәртиби уйымлараралық бирден-бир электрон системасының нәтийжели жумыс алып барыўын тәмийинлеўге қаратылған қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары ҳәм 2025-жыл 25-июльдеги "Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде орынлаў тәртибин буннан былай да беккемлеўдиң қосымша илажы ҳаққында"ғы пәрманы мәмлекетимизде орнатылған қатаң тәртип тийкарында мәденият тараўының раўажланыўында да системалы жумыслардың избе-из даўам еттирилиўине айрықша түртки берди.

Қадағалаў ҳәм жуўапкершилик

Бул ҳүжжетлердиң талаплары тийкарында мәденият тараўында жуўапкер шахслардың жуўапкершилигин күшейтиў, нызамшылық ҳүжжетлериниң орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм мониторинг етиўдиң тәсиршең системасын жаратыў бағдарында комплексли илажлар белгиленген. Бул процессте атқарыў тәртиби, жеке жуўапкершилик ҳәм интакерлик тийкарғы принциплер етип алынды. Жумыс нәтийжелилигин арттырыўда “Ijro.gov.uz” электрон системасы қолайлы болмақта.

Нәтийжелер де ҳәрекетке жараса. Усы жылдың 10 айы даўамында министрлик тәрепинен Президентимиздиң 30 пәрманы, 86 қарары, 2 бийлиги ҳәм 46 билдириўи шеңберинде берилген жәми 1367 тапсырманың орынланыўы тәмийинленди.

Сондай-ақ, усы жылдың ноябрь ҳәм декабрь айларында Мәденият министрлиги тәрепинен орынланыўы керек болған Өзбекстан Республикасы Президентиниң жәми 363 тапсырмасы бар. Олардың 255 инде (70 проценти) министрлик тийкарғы орынлаўшы етип белгиленген. Әлбетте, бул тапсырмалардың саны жыл ақырына шекем буннан да көбейеди.

Жыл даўамында тапсырмалардың орынланыў жағдайы бойынша министр ҳәм министр орынбасарларының басшылығында 60 тан аслам додалаў болып өтти.

Нызамшылық ҳүжжетлери, қойылған ўазыйпалардың мазмуны ҳәм әҳмийетин төменги структуралардан баслап хызметкерлерге оператив жеткериў, қадағалаў бәнтлери ҳәм тапсырмаларды орынлаўда шөлкем басшыларының жеке жуўапкершилиги тәмийинленген. Жоқары ҳәм төменги системалар арасында жедел ишки мәлимлеме алмасыў процеси толық электрон форматқа өткерилген. Бул болса тараўға байланыслы нызамшылық ҳүжжетлериниң орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм мониторинг етиўде нәтийже бермекте.

Министрликте атқарыў тәртибин беккемлеў ҳәм тапсырмалардың ерте орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде дүйшемби күни министрдиң басшылығында, жума күни министрдиң орынбасарының басшылығында додалаўлар өткерип келинеди.

Тараўдағы жаңаланыўларға байланыслы тийисли ҳүжжетлер жойбарларының таярланыўы үстинен министрдиң жеке қадағалаўы жолға қойылған. Олардың пуқта экономикалық, финанслық ҳәм ҳуқықый экспертизадан өткерилиўи, ўәкилликли мәмлекетлик басқарыў уйымларында өз ўақтында келисилиўи тәмийинленбекте.

Нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалар орынлаўшыларға жедел жеткерилиўи, соның ишинде, оларда қойылған ўазыйпалардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети кең жәмийетшилик ҳәм халық арасында түсиндирилиўи, қадағалаў бәнтлери ҳәм тапсырмаларда анық механизмлер, мүддетлер ҳәм жуўапкерлер белгилениўи бойынша "жол карталары" (ҳәрекет режелери) өз ўақтында ислеп шығылыўы қатаң қадағалаўға алынған.

Қабыл етилип атырған ҳүжжетлер ҳәм тапсырмалардың орынланыўын қадағалаўда орайлық аппаратларда, тармақ ҳәм аймақлық басқарыў уйымларының орта ҳәм төменги буўынларында жумыслардың реал жағдайын сын көзқарастан үйрениўге, ерисилген ақырғы нәтийжелерге, кемшиликлер ҳәм машқалалардың себеплерине, пайдаланылмаған резервлерге, сондай-ақ, мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм ҳәкимликлердиң шөлкемлестирилетуғын электрон мағлыўматлар базасы тийкарында “Ijro.gov.uz” уйымлараралық бирден-бир электрон системасында өз ўақтында есабат берилиўине айрықша итибар қаратылмақта.

Буннан тысқары, Президентимиздиң 2024-жыл 13-марттағы "Республикалық ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимият уйымлары және хожалық бирлеспелери жумысының нәтийжелилигин баҳалаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы менен республикалық ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимият уйымлары басшылары ҳәм орынбасарларының жумысының нәтийжелилигин баҳалаўдың жаңа системасы, яғный ең әҳмийетли нәтийжелилик көрсеткишлери (KPI) енгизилди.

Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 29-апрельдеги 282-қарары менен мәденият министри ҳәм орынбасарларының жумысының 2025-жыл ушын ең әҳмиетли нәтийжелилик көрсеткишлери (KPI), "жол картасы" ҳәм илажлар бағдарламасы тастыйықланған.

Усы жылдың үшинши шереги ушын белгиленген 48 көрсеткиш “samaradorlik.uz” электрон платформасында министр ҳәм орынбасарлары кесиминде бөлистирилген болып, бул реже әмелде 100 процент орынланды.

Жәмийетлик қадағалаў - исленип атырған жумыслардың сапасы ҳәм нәтийжелилигин ашықтан-ашық додалаўдан өткеретуғын қүдиретли күш. Усы тәрепти есапқа алып, ғалаба хабар қуралларында тийисли нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың мәниси, әҳмийети және оларды әмелге асырыў бойынша көрилип атырған илажлар кең жәмийетшиликке түсиндирилип атыр. Системадағы жуўапкерлер ҒХҚ ҳәм социаллық тармақларда бул бойынша пикир-усынысларын билдирип, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм мәҳәллелерде ушырасыўлар өткермекте. Себеби, халықтың баҳасы - жоқары норма!

Жақсылық нуры кең ен жаймақта

Мәдений-ағартыўшылық ҳәм көркем өнер тараўындағы жумыслар ўатанласларымыздың руўхый, мәдений, мәнаўий дәрежесин жаңа басқышқа көтериўге хызмет ететуғыны менен әҳмийетли. Демек, Президентимиздиң жаңа Өзбекстанды қурыў ҳәм мәмлекетимизде Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыўдай уллы мақсеттиң әмелге асыўы мәдений-ағартыўшылық реформалардың нәтийжелилиги менен тығыз байланыслы.

Мәмлекетимиз басшысы тараў бойынша өткерип атырған мәжилислерде, қабыл етип атырған ҳүжжетлерде бүгин мәденият ҳәм көркем өнер тараўын буннан былай да раўажландырыў және ғалаба ен жайдырыў, машқалаларды системалы шешиў, жаслардың көркем-естетикалық талғамын тәрбиялаў, руўхый дәрежесин арттырыў, олардың қәлбинде дөретиўшилик, жақсылық сезимлерин жетилистириўге байланыслы бир қатар илажларды белгилеп бермекте.

Олардың орынланыўын өз ўақтында ҳәм толық тәмийинлеў арқалы ғана жақсылық нурын, әзелий қәдириятлар ҳәм заманагөйлик нәпесин елимиздиң ең шетки аўылларына шекем терең жеткериў мүмкин.

Соны есапқа алған ҳалда Мәденият министрлиги жәмәәти орайлардан алыс аймақларда да реформалардың нәтийжелилигин тәмийинлеў, ўатанласларымызға мәдений дем алыў хызметлерин көрсетиў дәрежесин арттырыўға айрықша итибар қаратпақта. Республиканың барлық аймақларында театр, цирк ҳәм басқа да түрдеги ғалабалық-мәдений және концерт-тамаша илажлары системалы түрде өткерилмекте. Соның ишинде, өткен жылы елимиз бойлап 7255 концерт-тамаша илажы шөлкемлестирилип, оларға 10 миллионнан аслам адам қамтып алынды.

"Ләзги", "Байсын бәҳәри", Халықаралық зергерлик ҳәм зергерлик, "Дүнья сеслери", "Шарқ тароналари" ҳәм Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманы сыяқлы халықаралық фестиваллар, әнжуман ҳәм форумлар шөлкемлестирилди. Мәмлекетимиздиң барлық аймақларында "Жаңа турмыс ушын, жаңа Өзбекстан ушын!" сүрени астында "Мәҳәлледе дуў-дуў гәп", "Ўатан рәмзи", "Руўхыйлық фестивалы" сыяқлы руўхый-ағартыўшылық илажлар өткерилди.

Тараўда талантлы жас дөретиўшилерди излеп табыў ҳәм қоллап-қуўатлаў, билимлендириў мәкемелерин миллий саз әсбаплары, музыка сабақлықлары, ноталар топламы ҳәм оқыў-методикалық әдебиятлар менен тәмийинлеўдиң бир пүтин системасы жаратылды. Атап айтқанда, "Бес әҳмийетли баслама" жойбары шеңберинде балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери заман талаплары тийкарында оңланбақта, оларға музыка үскенелери жеткерип берилмекте. Билимлендириў мәкемелеринде ҳәр қыйлы дөгереклер ашылмақта. Булардың барлығы әсирлер даўамында ата-бабалардан әўладларға өтип киятырған бийбаҳа көркем өнер үлгилерин және де терең үйрениў, кеңнен үгит-нәсиятлаў, әсиресе, жаслардың қәлбинде оларға ҳүрмет ҳәм садықлық руўхын қәлиплестириўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Муқаддес миннет

Барлық тараўдағы жедел реформалар мәденият тараўы ўәкиллери алдына да қатаң талапларды қоймақта. Оларға толық жуўап бериў ушын бүгин өзимизди де, жумыс усылымызды да жетилистирип барыўымыз шәрт.

Халқымыздың ҳүрмети ҳәм исенимине мүнәсип болыў, мәмлекетимиз басшысы алдымызға қойып атырған аўыр, өз гезегинде, машақатлы ўазыйпаны орынлаў бәршемизден жоқары жуўапкершилик, аўызбиршилик, бир жағадан бас шығарып, бир муш болып мийнет етиўди талап етеди.

Биз енди үлкен шеклерди гөзлемесек, мақсетлеримиз шегараларын және де кеңирек алмасақ, тараўда раўажланыўды тәмийинлеў қыйын.

Тараўға байланыслы ҳүжжеттиң орынланыўына кирисер екенбиз, бәринен бурын, өзимиз оның мазмун-мәнисин, турмыслық әҳмийетин терең аңлаўымыз зәрүр.

Усы мәнисте, мәденият тараўындағы реформаларды жаңа басқышқа көтериў ушын системада ислеп атырған ҳәр бир хызметкер орынлаў тәртибине қатаң әмел етиўди, өз үстинде ислеўди, билим ҳәм потенциалын, мәнаўиятын турақлы байытып барыўды күнделикли ўазыйпасына айландырыўы керек.

Атқарыў тәртиби - реформалардың перспективасы дегени. Солай екен, мойнымызға жүкленип атырған ҳәр бир ўазыйпаны шын кеўилден, жоқары талғам, билим ҳәм шеберлик пенен, ең әҳмийетлиси, өз ўақтында орынлаўымыз ел-журтымыз алдындағы муқаддес миннетимиз болып есапланады. Ўатанымызды дүньяның ең раўажланған мәмлекетлери қатарында көриў, тыныш ҳәм абадан турмыста жасаў, халқымыздың әзелий арзыў-нийетлерине ерисиўимиз мине усы ўазыйпамызды қай дәрежеде атқарып атырғанымызға да байланыслы.

Озодбек НАЗАРБЕКОВ,

мәденият министри