Кеше, 20-июль күни тек ғана таэквондо WT жарысларында жерлесимиз табысқа еристи. Атап айтқанда, 58 кг ға шекемги салмақ категориясында қатнасқан Шамсиддин Қурбонов бронза медалына ийе болды.
Сол күни стол тенниси бойынша да әҳмийетли нәтийже атап өтилди. Ўәкилимиз Марҳабо Магдиева монголстанлы Намунбайгали Эрдэнени ири - 3:0 есабында жеңип шығып, кейинги басқышқа жол алды.
Бүгин болса, 21-июль күни спортшыларымыз төмендеги төрт бағдарда өз әўметин сынап көреди:
жүзиў,
жеңил атлетика,
стол тенниси,
таэквондо WT.
Мағлыўмат ушын:
Универсиаданың дәслепки төрт күниниң жуўмағы бойынша улыўма командалық есапта:
АҚШ - 13 алтын, 8 гүмис ҳәм 15 бронза медалы менен жетекши;
Қытай - 8 алтын, 12 гүмис ҳәм 3 бронза менен екинши орында;
Қубла Корея - 7 алтын, 4 гүмис ҳәм 11 бронза менен күшли үшликти жуўмақламақта.