RÖNESANS HOLDING транспорт инфраструктурасы жойбарларында қатнасыўға қызығыўшылық билдирди

    3 желтоқсан 2024 346

    Бүгин транспорт министри Илҳом Махкамов Түркияның «RÖNESANS HOLDING” басқармасы баслығы Камил Яникомероғлу менен сөйлесиўлер өткерди.

    Ушырасыўда тәреплер түрк компаниясының мәмлекетимизде ПЖШ тийкарында ири инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыўда қатнасыў имканиятларын додалады.

    Камил Яникомероғлу компания Ташкент-Самарқанд тезжүрер темир жолын қурыў жойбарында қатнасыўға үлкен қызығыўшылық билдиретуғынын айрықша атап өтти, деп хабар береди Транспорт министрлигиниң баспасөз хызмети.

    «RÖNESANS HOLDING” Түркиядағы ең ири қурылыс ҳәм инвестиция компанияларынан бири болып, Голландия, Швейцария, Германия ҳәм басқа да бир қатар мәмлекетлерде өз филиалларына ийе.