Рус тили имтиханын Өзбекстанның өзинде тапсырыў мүмкин болады

    Өзбекстанлыларға жасаў ҳәм жумыс ислеў ушын рухсатнама (патент) рәсмийлестириў процесслерин жеңиллетиў мәселелери додаланды.

    Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлиги ҳәм Сыртқы ислер министрлиги делегациясы Москва қаласы мериясы басшысының орынбасары Мария Багреева ҳәм Москва ўәлаяты Люберци қаласындағы "Сахарова" көп тармақлы миграция орайының жуўапкерлери менен ушырасыў өткерди.

    Онда усы мәмлекетте ўақтынша мийнет етиўди қәлеген өзбекстанлыларға жасаў ҳәм ислеў ушын рухсатнама (патент) рәсмийлестириў процесслерин жеңиллетиў, орайдың Ташкент қаласындағы филиалының жумысын жетилистириў мәселелери додаланды.

    Патент алыўда зәрүр болған рус тили имтиханын мәмлекетимиздеги "Сахарова"ның филиалында жолға қойыў бойынша механизм Россия тәрепи менен биргеликте ислеп шығылатуғын болды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates