Ташкент ўақты менен 20-апрель күни (АҚШта 19-апрель) таң азанда АҚШтың Калифорния штаты Оушенсайд қаласында профессионал бокс турнири болып өтеди.
Frontwave Arena комплексинде өткерилетуғын бокс кешеси Оскар Де Ла Хояға тийисли Golden Boy Promotions промоутерлик компаниясы тәрепинен шөлкемлестирилмекте.
Турнирдиң тийкарғы беллесиўи ҳаял-қызлар оғада жеңил салмақ категориясында WBC, WBO ҳәм IBF бағдарлары чемпионы Габриэла Фундора 15-13-0 (7 КО) ҳәм даўагер Мэрилин Бадильо (19-1-0) арасында өткериледи.
Әҳмийетлиси, усы кешеде әйне Golden Boy Promotions промоутерлик компаниясының қарыйдары есапланған супер жеңил салмақ категориясындағы боксшимиз Руслан Абдуллаев өзиниң проф рингтеги екинши беллесиўин рингке көтереди. 22 жасар былғары қолғап устамыздың қарсыласы филиппинли Гино Родриго болады. Бул урыс рәсмий түрде өз тастыйығын тапты.
Мағлыўмат ушын, Родриго проф жумысы даўамында 19 беллесиў өткерип, 13 жеңис, 4 жеңилис ҳәм 2 теңбе-тең есапланған. Руслан Абдуллаев усы жылдың 7-март күни АҚШтың Индио қаласында шөлкемлестирилген турнирде профессионал бокста дебют еткен ҳәм сол ўақытта мексикалы Хосе Валенсуэла Альварадони екинши раундта нокаут пенен жеңген еди.









