Пәрманға муўапық, «Toshkent Invest kompaniyasi» АЖ ҳәм «Samarqand Invest kompaniyasi» АЖ тәжирийбеси тийкарында акционерлик жәмийети түриндеги инвестициялық компаниялар (Инвестициялық компаниялар) шөлкемлестириледи.

Инвестиция компаниялары исбилерменлик субъектлери ҳәм мәмлекетлик уйымлар арасында көпир ўазыйпасын атқарады.

Халықты базар принциплери тийкарында ипотека кредити арқалы турақ жай менен тәмийинлеў бағдарламасы (Ипотека бағдарламасы) шеңберинде:

субсидия ажыратылатуғын пуқаралардың социаллық нормаларға муўапықлығын баҳалаў процеси инсан факторысыз автоматластырылған режимде «subsidiya.idm.uz» программалық тәмийнат системасы арқалы әмелге асырылады;

2026-жыл 1-апрельден баслап бюджет ресурслары есабынан ипотека кредитлери рәсмий дәрамат алатуғын пуқараларға, сондай-ақ, социаллық салықты ықтыярый түрде толық төлеген өзин-өзи бәнт еткен шахсларға: усы жылы - ақырғы бир жыл ушын, 2027-жылы - ақырғы еки жыл ушын, 2028-жылдан баслап - ақырғы үш жыл ушын ажыратылады.