"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, усы жылдың 16-20-март күнлери республика аймағында ҳаўаның температурасы күндиз +22°С, түнде +10°С ға шекем көтерилиўи күтилмекте.
Усы мүнәсибет пенен 16-марттан баслап 1-ноябрьге шекем тәбийғый газден пайдаланыўдың базалық нормасы - айына 100 куб метрге шекем (Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында 1-октябрьге шекем) әмел етеди.
Март айы ушын есап-санақлар бойынша әҳмийетли анықлама:
Жылытыў дәўиринде әмел етип атырған 500 кубометр муғдарындағы айлық базалық норма айының биринши ярымына (1-15-март) пропорционал бөлистирилгенде 250 кубометрди қурайды.
Айдың екинши ярымында (16-марттан 31-мартқа шекем) әмел ететуғын 100 куб метрдиң айлық базалық нормасы пропорционал бөлистириўде 50 куб метрди қурайды.
Оған бола, усы 50 куб метр газ ушын халықтан болған тутыныўшылар да базалық норма шеңберинде - 1800 сумнан емес, 1000 сумнан төлейди.
Тәбийғый газден пайдаланыў есап-санақлары менен байланыслы барлық мәселелер бойынша «Hududgazta’minot» АЖ ҳәм оның аймақлық филиаллары тәрепинен түсиник бериледи.
Энергетика министрлиги Президент қарарларына муўапық, жәрдемге мүтәж шаңарақларға ҳәр айда жумсалған электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ ушын мәмлекет тәрепинен компенсация төлеп берилетуғынын еслетип өтеди.
Компенсация муғдары:
электр энергиясы ушын - базалық нормадан 150 кВт саатқа шекем (айына 200 кВт сааттан кейин).
тәбийғый газ ушын:
қыс айларында - 250 куб метрге шекем,
басқа айларда - базалық нормадан 150 куб метрге шекем артық.
Бурын компенсация тек қыс мәўсиминде берилген болса, енди жыл даўамында ҳәр айда төленбекте.