5-сентябрьден баслап "Наўайы - Үшқудық - Наўайы" жөнелиси бойынша жаңа қатнаўлар жолға қойылады

    4 қыркүйек 2025 593

    Жолаўшыларға қолайлық жаратыў мақсетинде усы жылдың 5-сентябрьинен баслап "Наўайы - Үшқудық - Наўайы" жөнелиси бойынша жаңа қатнаўлар жолға қойылмақта.

    "Ўзтемирйўловчи" АЖ баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, 6461/6462-санлы ҳәм 6463/6464-санлы поездлар ҳәр жума ҳәм дүйшемби күнлери төмендеги кесте тийкарында ҳәрекетленеди:

    6462-санлы "Наўайы - Үшқудық":

    Наўайыдан жөнеп кетиў - 05:38;

    Үшқудыққа жетип барыў - 09:02.

    6464-санлы "Наўайы - Үшқудық":

    Наўайыдан жөнеп кетиў - 09:04;

    Үшқудыққа жетип барыў - 11:55.

    6461-санлы "Үшқудық - Наўайы":

    Үшқудықтан жөнеп кетиў - 18:52;

    Наўайыға келиў - 22:18.

    6463-санлы "Үшқудық - Наўайы":

    Үшқудықтан жөнеп кетиў - 15:59;

    Наўайыға жетип барыў - 18:50;