Ол сапар даўамында жүзден аслам машқалалы мәселелер шешилгенин атап өтип, олардың саны ҳәм көлемине қарамастан, жумыслар даўам еттирилетуғынын атап өтти.

Жәмәәтимиз ҳәммесин - итибарлы, пуқта ҳәм ақырына шекем тексерип көреди, - деди Саида Мирзиёева.

Сапар шеңберинде ири оңлаўға оғада мүтәж болған 2-санлы мектеп, Ханқа районындағы бүгинги күнде қараўсыз қалған, авариялық жағдайдағы 49-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси көзден өткерилди.

Буннан тысқары, делегация мәмлекетлик хореография академиясының Үргенш филиалында да болды. Бүгинги күнде академияның болажақ тәрбияланыўшылары ушын оқыў ханалары ҳәм мектеп-интернат бир имаратта жайластырылған. Келешекте қосымша имарат қурыў режелестирилген болып, бул ҳәр бир мәкемени толық ҳәм өз алдына орын менен тәмийинлеў имканиятын береди.