Ол өзиниң қутлықлаўында Ғәрезсизлик күни суверен раўажланыў жылларында
сезилерли дәрежеде өзгерген ҳәм исенимли алға илгерилеўде даўам етип атырған
мәмлекет ушын үлкен байрам екенин атап өтти.
"Өзбекстан ғәрезсизлиги күни - бул жыллар даўамында оғада өзгерген
ҳәм алға илгерилеўде даўам етип атырған мәмлекеттиң үлкен байрамы.
Президент Шавкат Мирзиёев өзиниң шығып сөйлеген сөзинде келеси он
жыллықты Миллий раўажланыў дәўири деп атады.
Алдымызда билим
ҳәм көнликпелерди әмелий капиталға айландырыў, халықтың саламатлығын ҳәм узақ
өмир сүриўин тәмийинлеў, жоқары технологиялы экономиканы жаратыў, суўды ҳәр
тәреплеме үнемлеў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, нызам үстинлигин кепиллеў,
мәҳәлле институтын беккемлеў, Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайын
арттырыў сыяқлы үлкен миллий бағдарламалар турыпты.
Байрамың мүбәрек
болсын, жанажан Өзбекстаным!", - деп жазды Саида Мирзиёева өзиниң Telegram-каналында.