Мүрәжатта Өзбекстанның ЮНЕСКО менен бирге ислесиў, тынышлық, билимлендириў ҳәм мәдениятлараралық алмасыў тараўларында шөлкемниң исенимли шериги статусын сақлап қалыў бағдарындағы умтылысы атап өтилди.
- ЮНЕСКО секретариатына бирге ислескени ушын шын жүректен миннетдаршылық билдиремен ҳәм доктор Холид Аль-Ананийди шөлкемниң Бас директоры лаўазымына тайынланғаны менен қутлықлайман, - деп атап өтти Саида Мирзиёева.
Сондай-ақ, Президент Шавкат Мирзиёевтиң "Уллы жипек жолы" орайында тарийхый илажды өткериўге байланыслы басламасын бир аўыздан қоллап-қуўатлағаны ушын ағза мәмлекетлерге миннетдаршылық билдирди.
"Президент Шавкат Мирзиёевтиң усы тарийхый илажды Уллы жипек жолының орайында өткериўге имканият жаратқан басламасын қоллап-қуўатлағаны ушын барлық ағза мәмлекетлерден шын жүректен миннетдарман", - деп атап өтти ол.